Камчаткада 1952-жылдан берли ең күшли жер силкиниў жүз берди
122

Камчатка жағалықлары жанында 8,7 магнитудаға шекемги күшли жер силкиниў жүз берди. Сунами қәўпи жәрияланды – дәслепки толқынлар Россия аймақларына жетип келди.
Жәбирленгенлер бар, бирақ аўыр дене жарақатлары дизимге алынбаған.
Арқа Курилск халқы ҳәм кәрхана хызметкерлери эвакуация етилди.
Япония ҳәм АҚШта да цунами қәўпи жәрияланды.
Елизов районында бийиклиги 4 метр болған толқын бақланды.
Регион айрықша жағдай режиминде ислемекте. Афтершоклар ҳәм эвакуация илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги