Лавров Украинадағы келиспеўшиликти сапластырыў шәртлерин мәлим етти
122

Россияның Украинадағы келиспеўшиликти тәртипке салыў шәртлерине Киевти НАТОға тартпаў, альянстың кеңейиўин тоқтатыў ҳәм аймақларды тән алыў киреди, деди РФ сыртқы ислер министри Сергей Лавров 11-Пүткилроссия жаслар форумында. – Биз өз қәўипсизлигимизди тәмийинлеўимиз керек. НАТО қабыл етилген барлық ўәделер ҳәм ҳүжжетлерге қарамастан, әлле қашан бизиң шегараларымызға шекем кеңейди.
Буннан тысқары, Лавров Киев Москваның Россия конституциясында беккемленген аймақлық шәртлерине разы болыўы керек екенин де қосымша етти.
– Әлбетте, конституциямызда беккемлеп қойылған бәнтлерди тән алыўдан басқа жол жоқ, – деди ол.
С.Раҳимов, ӨзА