2026-жылғы жәҳән чемпионаты шек таслаў өткерилетуғын сәнеси ҳәм болатуғын орны мәлим болды.

2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионатының топар басқышының шек таслаў мәресими 5-декабрь күни АҚШтың Лас-Вегас қаласында болып өтеди, деп хабар берди ESPN.
Канада ҳәм Мексикадағы бир неше қала да мәресим басшылығы ушын гүрести, нәтийжеде шоулар қаласы – Лас-Вегастың қолы бәлент келди, делинеди хабарда. 1994-жылы АҚШқа басшылық еткен мундиал шек таслаўы да усы қалада тасланган.
Мәресим бүгинги күнниң ең технологиялық ҳәм белгили ареналарынан бири – “Сфера”да өткериледи. Бул үлкен шар 17,5 мың тамашагөйди өз қушағына сыйдыра алады, 50 мың квадрат метр майданда жайласқан, үлкен LED -экран менен үскенеленген.
Мағлыўмат ушын: 2026-жылғы жәҳән чемпионатына биринши мәрте үш мәмлекет – АҚШ, Канада ҳәм Мексика басшылық етеди. Жарыста 48 сайланды команда қатнасады – бул дизимде Өзбекстанның да аты бар екенлиги тек ғана мундиал емес, ал шек таслаў мәресиминде-ақ қуўанышымызды бир неше есеге арттыратуғыны анық,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги