Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына үлес қосыў бәршемиздиң миннетимиз

111

Мәмлекетимизде болып өтип атырған “Дослық” фестивалы шеңберинде Миллий мәдений орайлар павильонларының салтанатлы ашылыўы болып өтти.

Президентимиздиң басламасы тийкарында Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетине тутас аймақта қурылған павильонлардың салтанатлы ашылыўында кең жәмийетшилик ўәкиллери, дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жуўапкерлери, миллий мәдений орайдың белсендилери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев елимизде түрли миллет ҳәм халықлардың өз-ара аўызбиршиликли, татыў, бир шаңарақтың перзентиндей жасап атырғаны халықаралық көлемде де жоқары тән алынып атырғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде миллетлераралық татыўлықты қәстерлеп сақлаў, социаллық турақлылықты тәмийинлеў, жәмийетте мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы быйылғы байрамға өзгеше руўх бағышламақта.

Пайтахтымызда қурылған миллий мәдений орайлар ушын бийтәкирар павильонлар да бул бағдардағы ғамқорлықтың және бир әмелий үлгиси болып есапланады.

– Мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллериниң жасап атырғаны бул диярда әзелден дослық, тынышлық, кеңпейиллик бәрқулла үстин болғанын аңлатады, – деди Өзбекстан Корейс миллий мәдений орайлары ассоциациясының баслығы Виктор Пак. – Биз ҳәр түрли тилде сөйлесемиз. Дәстүрлеримиз ҳәр қыйлы. Бирақ бир-биримизди жүдә жақсы түсинемиз. Себеби Ўатанымыз – Өзбекстан! 2021-жылы Өзбекстан Республикасында Президентимиз тәрепинен 30-июль – “Халықлар дослығы” күни, деп жәрияланды. Бул байрам енди пүткил мәмлекетимиз бойлап бир ҳәпте даўамында “Дослық” фестивалы сыпатында кеңнен белгиленбекте. Мине, усындай үлкен итибар ушын Президентимизге рахмет. Биз бир шаңарақ болып, жаңа Өзбекстанның раўажланыўына өз үлесимизди қосамыз.

– Мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, Өзбекстанның байлықлары көп, бирақ оның ең үлкен байлығы көп миллетли халқы, – деди Республикалық Түркмен миллий мәдений орайының баслығы Гулдона Авездурдиева. – Ўатанымыздың тынышлығы, раўажланыўына шын кеўилден үлес қосыў бәршемиздиң миннетимиз.

Ҳақыйқатында да, миллий мәдений орайлар ушын қурылған саўлатлы павильонлар түрли миллет ҳәм халықлардың дәстүр ҳәм үрп-әдетлери, тарийхы, мәдениятын есапқа алған ҳалда жаратылған. Бул жерде көп миллетли Өзбекстан халқының дәстүрлери менен қәдириятларын раўажландырыў ушын барлық шараят ҳәм имканиятлар бар.

Илажда миллий мәдений орайлардың көркем жәмәәтлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Руслан Давлетов қатнасты.

ӨзА