Экспортшы, ыссыхана хожалығы ҳәм басқа да мийўе-овощ жетистириўшилер менен турақлы сөйлесиў платформасы иске қосылады

Ҳәзирги ўақытқа шекем 200 мың гектарда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилгени үлкен нәтийже бергени атап өтилди. Нәтийжеде 420 миллион куб метр суў үнемленип, қосымша 65 мың гектарда мийўе-овощ жетистириў имканияты жаратылды.
Бул жумыслар ушын өткен жылы 2,6 триллион сум, быйыл болса 1,2 триллион сум жумсалды. Жылдың ақырына шекем және 10 мың гектарда тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыўды жолға қойыў, сондай-ақ, 200 мың гектарды лазерли тегислеў ушын 1 мың техника сатып алыў режелестирилген.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине усы жыл ушын зәрүр қаржылардың финанслық дәрегин шешиў, келеси жыл бағдарламасы ушын 2 триллион сум ресурс қәлиплестириў тапсырылды.
Президентимиз атыз шетине егин егиў, кооперациялар бойынша нызамлар ҳәм Суў кодексиниң қабыл етилгени суў тамтарыслығы шараятында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти. Енди депутат ҳәм сенаторлар, жергиликли Кеңес ўәкиллери аўыл хожалығында дәраматты арттырыў, экспортты хошаметлеў, исбилерменлерди стандартлар енгизиў ҳәм сертификат алыўға үйретиў бойынша белсенди болып, нызамшылыққа байланыслы жаңа усыныс берсе, бул да мақсетке муўапық болатуғыны атап өтилди.
Ҳүкиметке штаб шөлкемлестирип, экспортшы, ыссыхана ҳәм басқа да мийўе-овощ жетистириўшилер менен турақлы сөйлесиў платформасын иске қосыў, исбилерменлердиң мәмлекетлик уйымлар менен байланыслы барлық машқалаларын анықлап, орнында шешип барыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте исбилерменлердиң үлгили тәжирийбелери көрип шығылды, жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.
ӨзА