Ыссыханалар бул – азық-аўқат қәўипсизлиги, экономикалық қәўипсизлик мәселеси есапланады – Президент

Буннан былай ыссыханалар, категориясына қарамастан, жер салығын аўыл хожалығы жерлери ставкасында төлеўи белгиленди. 2028-жылға шекем ыссыхана жумысшылары ушын социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке түсириледи.
Салық комитетине пүткил системаны, таллаў ҳәм ақыл орайларын мобилизациялап, ыссыханалардан қысқартылған газ қайсы тараўларға бағдарланғанын ҳәм олардың нәтийжелилигин үйрениў, егер газ берилген басқа тараўларда қосымша қун аз болса, газди ыссыханаларға бағдарлаў тапсырылды.
Экологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда, Ташкент ўәлаятындағы ыссыханалардың жумысының ҳаўа сапасына унамсыз тәсири менен байланыслы машқалаларды үзил-кесил шешиў ўазыйпасы қойылды.
– Ҳәмме еситип алсын: ыссыханалар бул – азық-аўқат қәўипсизлиги, экономикалық қәўипсизлик мәселеси болып есапланады, – деди Президентимиз.
Тийисли уйымларға тараўда қатаң қадағалаў орнатыў тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА