Батыр Закиров атындағы мәмлекетлик стипендия шөлкемлестириледи

158

“Өзбекстан халық артисти Батыр Закировтың естелигин мәңгилестириў, оның дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола:

– Ташкент қаласында Батыр Закировтың мемориал музейи шөлкемлестириледи.

– Батыр Закиров атындағы мәмлекетлик стипендия шөлкемлестириледи.

– 2026-жылдан ҳәр 2 жылда бир мәрте эстрада көркем өнери бойынша Батыр Закиров атындағы халықаралық таңлаў өткерилип барылады.

Сондай-ақ, Батыр Закировтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған көркем фильм жаратылады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги