Ыссыхана хожалықлары қоллап-қуўатланады

104

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Бүгинги күнде республикамызда 5,1 мың гектар ыссыханалар болып, соңғы жети жылда оларда жетистирилетуғын өнимниң көлеми 110 мың тоннадан 546 мың тоннаға көбейди.

Бирақ, исбилерменлер кредиттиӊ аўырлығы, төгин баҳасының қымбатлығы, үзликсиз газ тәмийнатының жоқ екенлигин айтпақта. Мәселен, 600 гектардан аслам майдандағы ыссыхана жумысын тоқтатқан, 128 гектары қарыздарлық себепли банк балансына өткен.

Сол себепли ыссыхана хожалықлары қоллап-қуўатланады. Енди:

– ишки базар менен бир қатарда экспортқа да өним жетистириў миннетлемесин алған, тәбийғый газде ислеп атырған ыссыханаларға қысқы мәўсимде газ кепилликли көлемде бериледи;

– көмир ямаса басқа альтернатив ысытыў системасында ислеп атырған ҳәм экспорт миннетлемесин алған ыссыханаларға да тәбийғый газге қайтыў имканияты бериледи;

– айланба қаржы жетерли болыўы ушын алдын ала төлем октябрь-март айларына 50 процент етип белгиленеди. Онда, ыссыханалар газ кәрханалары менен 1-октябрьге шекем шәртнама дүзеди;

– тәбийғый газден көмир ямаса басқа да альтернатив ысытыў системасына өткен ыссыханаларға ажыратылған кредит мүддети создырып бериледи;

– ыссылық насослары технологияларында ислейтуғын ыссыхана шөлкемлестиргенлерге қәрежетлердиң 20 процентке шекемги бөлеги, бул жумыслар кредит есабынан болса, кредит ставкасының 4 проценти қаплап бериледи.

ӨзА