Атыз шетинде экспортқа қолайлы өнимлер, атап айтқанда, шийени көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Жылдың басында “мийўе – аймақ – сырт мәмлекет” системасы тийкарында жумыслар шөлкемлестирилген еди. Соған қарамастан, министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимлер елеге шекем ескише қатнас жасаў менен жумыс ислеп атырғаны атап өтилди.
Өткен жылы мийўе-овощ экспортының 75 проценти май-октябрьге, яғный дүнья базары өнимге тойынған, баҳалар арзанлаған дәўирге туўра келген. Ноябрь-мартта болса баҳа 2-3 есе қымбат болады.
Экспортқа жуўапкерлер өзи жаңалық ислей алмаса, исбилерменлерден үйрениўи керек екенлиги көрсетип өтилди. Мәселен, алдын 1 килограмм шийе 30 центке де сатылмаған. Алдынғы қатардағы экспортшыларымыз быйыл 9 мың тонна “шок” усылында музлатылған шийе 26 миллион долларға экспорт еткен. Өзимизде шийе жетиспеўшилиги себепли импорт етип, музлатып, реэкспорт етиўди де баслаған.
Соның ушын да атыз шетинде экспортқа қолайлы өнимлер, атап айтқанда, шийени көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Усы жылы 2 мың 600 гектар атыз шетине егилген егинлер суўсызлық себепли қуўраған. Жандар, Аҳангаран, Ғаллаарал, Тўрақўрғон ҳәм Янгибазар районлары атыз шетинде тамшылатып суўғарыў бойынша жақсы тәжирийбе арттырды. Ўәлаят ҳәкимлерине усы тәжирийбе тийкарында егин қурып қалған 2 мың 600 гектарда тамшылатып суўғарыўды енгизиў тапсырылды.
Сондай-ақ, мийўе-овощ заманагөй қадақта экспорт етилсе, көбирек дәрамат алыў мүмкин. Быйыл аймақларда 16 заманагөй қадақлаў өндирислик жойбары иске қосылды. Бул бағдардағы жумысларды күшейтиў, жылдың ақырына шекем және 15 усындай кәрхананы иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА