Президент сырт елдеги елшихана ҳәм бас консулханаларды экспортты көбейтиўге еле де белсене жәрдем бериўге шақырды
99

Мәселен, быйылғы мийўе–овощ экспортының 80 проценти 5 мәмлекетке – Россия, Пакистан, Қазақстан, Аўғанстан ҳәм Қытайға туўра келеди. Өткен жылға салыстырғанда Қубла Корея, Венгрия, Малайзия, Польша, Қазақстанға азайған.
Уллы Британия, Италия, Швеция, Япония, Ҳиндстан, Қатарға экспорт күтилгендей болмай атырғаны көрсетип өтилди.
Елшиханалардағы саўда кеңесгөйлериниң бул бағдардағы жумысының төмен екенлиги атап өтилди.
Елшилерге экспортшы кәрханалар менен бирге ислесип, оларға базар табыў, көргизбелер шөлкемлестириў, саўда үйи ҳәм қоймахана шөлкемлестириў, өнимине сертификат алыў сыяқлы мәселелерде жәрдем бериў тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА