Балаларға зорлық ислегенлерге жаза шаралары күшейтиледи

Балаларға болған зорлық жағдайларын анықлаў ҳәм оларды қорғаў тәртиби белгиленди.
Ҳүкимет қарары менен (440-санлы, 14.07.2025 ж.) “Балаларға байланыслы зорлық жағдайларын анықлаў, зорлық қәўпи дәрежесин баҳалаў, қорғаў режесин ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Режеге бола, зорлықтан жәбирленген яки өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған балалар тиккелей өзлери яки нызамлы ўәкиллери “Инсан” орайлары, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер уйымларға мүрәжат етеди.
“Инсан” орайлары ишки ислер уйымларының қатнасыўында баланың турмыслық жағдайын 1 күн мүддетте үйренеди.
Онда “Инсан” орайы баланың өмири яки денсаўлығына қәўип салыўшы факторларды дәслепки баҳалаўдан өткереди ҳәм қәўип дәрежесин “төмен” яки “жоқары” деп табыўы мүмкин.
Қәўип дәрежеси “жоқары” деп баҳаланғанда, ишки ислер уйымы төмендеги шаралардан бирин көреди:
– зорлық ислеген шахсты ҳәкимшилик жол менен услап турыў ҳәм процессуаллық мәжбүрлеў шараларын қоллаў;
– балаға яки оның нызамлы ўәкилине қорғаў ордерин бериў;
– баланы ата-анасынан (олардың биреўинен) яки оны өз қарамағына алған басқа шахслардан алып қойыў ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийинлеў.
Қәўип туўдырыўшы факторлар сапластырылғаннан соң, “Инсан” орайы баланың турмыслық жағдайын 14 календарь күн ишинде комплексли баҳалаўдан өткереди. Комплексли баҳалаў нәтийжелери бойынша 3 жумыс күни ишинде баланы қорғаў режеси ислеп шығылады.
Балаларға зорлық ислеген яки ислеўге бейим болған шахсларға төмендеги тәсир илажлары қолланылыўы мүмкин:
– дүзетиў бағдарламасынан өтиў;
– балаларын алып қойыў;
– ата-аналық ҳуқықын шеклеў яки ата-аналық ҳуқықынан айырыў.
– наркология мәкемелеринде мәжбүрий емлениў;
– мәжбүрий медициналық түрдеги мәжбүрлеў шараларын тайынлаў,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги