Айырым “шаққан” саўдагерлер шийки затты экспортқа шығарып атырғаны сынға алынды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Экспорт 21 районда өткен жылға салыстырғанда 70 процентке де жетпегени көрсетип өтилди. Бул районларда 80 мың гектар пахта ҳәм ғәлле егилмейтуғын майдан, және 55 мың гектар қыйтақ жер бар.
Бул 21 район ҳәкимине ўәлаят ҳәкимлери менен биргеликте усы бағдарда өзгерислер ислеў бойынша анық режелер дүзиў тапсырылды.
– Өнимлеримиз сапалы ҳәм мазалы болғаны ушын сыртқы базарларда “Өзбекстанда жетистирилген” бренди қәлиплескен, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бирақ, айырым “шаққан” саўдагерлер ҳәммеден бурын қымбат сатыўды гөзлеп, шийки затты экспортқа шығарып атырғаны сынға алынды. Ақыбетинде сырт елдеги саўда тармақлары мыңлаған тонна Өзбекстан өними шийки ҳалда жеткерип берилгени ушын қабыл етпеген.
Нәтийжеде Өзбекстанда жетистирилген өнимлер сыртқы базарда өз орнын жоғалтыўы мүмкин екенлиги қатаң көрсетип өтилди.
ӨзА