Ҳәр бир экспорт базары экономикалық қәўипсизликтиң әҳмийетли бағдарларынан бири екени айтылды

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық жағдай күн сайын өзгерип атырғаны, жылдан-жылға қайталанып атырған ҳаўа-райының өзгерислери, “аномал ыссы” ҳәм “аномал суўық” деген түсиниклер әдеттеги жағдайға айланып үлгергенине итибар қаратты.
Бундай қәўипли шараятта ҳәр бир экспорт базары мәмлекетимиз ушын оғада әҳмийетли екени, керек болса, бул – экономикалық қәўипсизликтиң тийкарғы бағдарларынан бири екени көрсетип өтилди.
Сонлықтан тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер ҳаўа-райын бәнелей бермей, шараятқа бейимлесип, ыссы ҳәм суўыққа, суўсызлыққа шыдамлы өнимлер жетистириўге өтиўи керек екенлиги атап өтилди.
Өткен 6 айда азық-аўқат экспорты 44 процентке өсип, 1 миллиард 326 миллион долларды қурады. Экспорт географиясы 16 мәмлекетке көбейди.
Соның менен бирге, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаятлары, Қарақалпақстан мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат экспортының пәти бойынша қалған аймақлардан артта қалмақта. Наўайы ўәлаяты болса өткен жылғы көрсеткишлерине де жете алмады.
Бул аймақлар ҳәм оларға Ҳүкиметтен бириктирилген ўәкиллер бул бағдардағы жумысларын жеделлестириўи зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА