Шаҳноза Мирзиёева Халықаралық жүзиў федерациясы бюросы ағзалығына сайланды

Сингапурда суў спорт түрлери бойынша даўам етип атырған жәҳән чемпионаты шеңберинде Халықаралық жүзиў федерациясы (World Aquastics)ның гезектеги конгресси өткерилди. Онда Өзбекстан паралимпия комитети баслығының орынбасары Шаҳноза Мирзиёева Халықаралық жүзиў федерациясы бюросының ағзалығына сайланды.
Конгрессте Халықаралық олимпиада комитетиниң президенти Кирсти Ковентри, МОҚтың бурынғы басшысы Томас Бах, Халықаралық жүзиў федерациясының басшысы Хуссейн Ал-Мусалам қатнасып, 2026-жылғы жарыслардың мазмуны белгилеп алынды.

Даўыс бериў нәтийжелерине бола, 2026-жылғы жәҳән чемпионаты Қытайда шөлкемлестирилетуғыны жәрияланды. Халықаралық жүзиў федерациясы бюросы ағзаларының усынысы ҳәм қоллап-қуўатлаўы себепли келеси жылы жәҳән кубогиниң басқыш жарысларына Ташкент, Астана ҳәм Баку қалаларында өткерилетуғын болды.
ӨзА