Сенат Баслығы Женевада халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўлар өткерди

88

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Женева қаласында Парламентлераралық Аўқам (ПА)ға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял спикерлериниң 15-саммити шеңберинде бир қатар абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Соның ишинде, ПА президенти Тулия Эксон менен өткерилген ушырасыў даўамында Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы шеңберинде Өзбекстан тәрепинен алға қойылған санластырыў, гендер теңликти тәмийинлеў, жаслар сиясаты ҳәм экологиялық турақлылық сыяқлы бағдарлардағы басламалар жоқары баҳаланды.

Сәўбетлесиў ўақтында жаслар ҳәм ҳаял-қызлар мәселелерине айрықша итибар қаратылды, атап айтқанда, жасларды парламент жумысына кеңнен тартыў бойынша жаңа бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сенат Баслығы Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Жаслар парламентлери глобал платформасын шөлкемлестириў идеясы алға қойылғанын еслетип өтти ҳәм 2026-жылы Жас парламент ағзаларының 12-глобал конференциясын Өзбекстан өткериўге таяр екенин билдирди.

Сенат Баслығы ПА Бас хаткери Мартин Чунгонг пенен ушырасыў өткерди. Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Парламентлераралық Аўқам арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәселелери додаланды. Бул бирге ислесиў жылдан-жылға барған сайын жедел ҳәм нәтийжели болып атырғаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер келеси жылы мәмлекетимизде болып өтиўи күтилип атырған Жас парламент ағзаларының 12-глобал конференциясының шөлкемлестириў  мәселелерин додалады.

Соның менен бирге, Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда парламентлераралық бирге ислесиўге бағышланған 3-глобал форумды Өзбекстанда өткериў басламасы бойынша да пикир алысылды.

Н.Абдураимова, ӨзА