Мәлимлеме мәканында илимий контент жаратыў – илимге қызығыўшылықты қәлиплестириўдиң тийкары

Өзбекстан – дүнья цивилизациясының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан илим ғайраткерлериниң жери. Елимизде әййемнен илимпазлар ҳәм уламалар қәдирленген. Илимниң раўажланыўына мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылған. Илим – инсанияттың бүгини ҳәм келешегин белгилеўде әҳмийетли орын ийелейди, раўажланыўға тиккелей тәсир көрсетеди. Халықтың талапларын қанаатландырыў менен бирге, турмысын және де абаданластырады, ең әҳмийетлиси, заманагөй, исенимли хызмет көрсетеди. Экономиканың раўажланыў жеделлигин тәмийинлейди.
Инновациялық потенциал жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўында имканиятларды кеңейтеди, капитал ҳәм тәбийғый ресурсларды үнемлейди. Илимниң раўажланыўы ҳәм инсан капиталының белсендилиги қаншелли жоқары болса, жәмийетте де соншелли жоқары дәрежедеги инновациялық потенциал пайда болады.
Президентимиздиң илимпазлар менен турақлы ушырасып, елимизде илимий потенциалды арттырыўға айрықша итибар қаратып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.
Илим – ҳәр қандай мәмлекетти раўажланыўға жетеклейтуғын тийкарғы күш есапланады. Мәмлекеттиң раўажланыўын илимниң раўажланыўы арқалы баҳалаў жүдә орынлы. Сонлықтан Өзбекстан ушын илимниң раўажланыўы абаданлық ҳәм турақлылық жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады. Конституциямызда мәмлекет жәмийеттиң илимий ҳәм техникалық раўажланыўына ғамхорлық етиўи бийкарға атап өтилмеген. Тарийхтан өзбек жәмийетинде илимге ҳүрмет дәстүр сыпатында сақланып келген. Уллы бабамыз Имам Бухарий айтқанындай: “Дүньяда илимнен басқа мәдет жоқ ҳәм болмайды”.
Мәмлекетимизде илимди және де раўажландырыў, бәсекиге шыдамлы экономиканы раўажландырыўдың илимий-инновациялық ҳәм жоқары технологиялық форматына өтиў және илимий изертлеўлер ҳәм ерисилген нәтийжелерди ғалаба ен жайдырыў әҳмийетли орын ийелейди.
Бүгинги күнде илимий журналистика ямаса илимий-ғалабалық журналистика жүдә әҳмийетли болып есапланады, себеби ол жәмийетлик пикирди қәлиплестириў ҳәм илим жетискенликлерин түсиниўде әҳмийетли роль атқарады. Ол қурамалы илимий изертлеўлер ҳәм кең аудитория арасында көпир болып, мағлыўматты ҳәммеге ашық ҳәм түсиникли етеди.
Ғалаба хабар қураллары базарындағы кескин бәсеки шараятында илимий журналистика тараўының, бул бағдардың әҳмийетлилигине қарамастан, орны ашық қалмақта.
Илимий жәмийетшиликте абырайға ийе ҳәм объектив қыйын мәселелерди, анық усына алатуғын илимий журналистлердиң саны бармақ пенен санаўлы.
Илимди раўажландырыў, ғалаба ен жайдырыў ўазыйпасы заманагөй журналистиканың ең әҳмийетли социаллық ўазыйпасы екенин айтыў керек.
Илимди ғалаба ен жайдырыў, фундаментал, әмелий изертлеўлерге, илимпазлардың, илимий изертлеўшилердиң унамлы имиджин қәлиплестириў, жәмийетшиликтиң илимге қызығыўшылығын арттырыў, жалған, деструктив мағлыўматлардың, түсиниклердиң тарқалыўына тийкарғы тосқынлық болыўы мүмкин болған илимий журналистика бағдарын раўажландырыў зәрүрликке айланып бармақта.
Бүгинги күнде жалған, бузғыншы мағлыўматлардың, түсиниклердиң тарқалыўына қарсы гүресиў кең жәмийетшилик ҳәм журналистлер жәмийетшилигиниң биргеликтеги жумысларында жаңа қатнасларды қолланыўды талап етпекте.
Илимий журналист илим, инновациялар, технологиялар ҳәм кең жәмийетшилик арасында дәлдалшы, коммуникатор ҳәм илимди ғалаба ен жайдырыў ушын хызмет етеди. Сонлықтан мәлимлеме орталығында ғалаба пикирлесиў журналистиканың стратегиялық әҳмийетли бағдары болып, журналистлердиң илимди қалай сәўлелендириўи, илимпазлар менен пикирлесиўде өзин қалай тутыўы үлкен әҳмийетке ийе.
Илим дүньяның қалай ислеўин түсиндиреди, идеялар, түсиниклер ҳәм теорияларды ислеп шығады, белгили бир ҳақыйқатлық системаларының шөлкемлестирилиўин анықлайды ҳәм түсиндиреди. Инсан бул билимнен өмиринде пайдаланады. Бирақ, журналистлер, илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик арасында көпир болыў (қурыў) жолын таппаса, илим жабық, белгисиз объект болып қалады.
Биз көбинесе ғалаба хабар қуралларынан таң қаларлық ойлап табыўлар ҳаққында билип аламыз, бирақ усы таң қаларлық ойлап табыўлар ҳаққында мағлыўмат дереклерине силтемелер бар екенлигине, усы ойлап табыў нәтийжелери қандай сынақтан өткерилгени ҳаққындағы мағлыўматларға итибар беремиз бе, илимпазлар, қәнигелердиң пикирлери менен қызығасыз ба? Бул сораўларды тек ғана медиа-саўатлы аудитория емес, ал, биринши гезекте, тилекке қарсы, ҳәр дайым мағлыўмат алыўшыға бундай силтемелерди бермейтуғын журналистлердиң компетенциялары ҳаққында ойлап көриўимиз керек деп есаплаймыз.
Әлбетте, әҳмийетли илимий жаңалықларды әпиўайы мағлыўмат алыўшыға адекват ҳәм объектив жеткериў – қыйын ўазыйпа. Усы жерде, дүньяға белгили физик алым Стивен Хокингтиң (Стивен Уилям Хокинг 1942-2018-ж.ж.) Физик, астрофизик, космолог, жазыўшы) “Китапқа киргизилген ҳәр бир формула оқыўшылар санын еки есеге азайтады”, деген пикирин келтирип өтиў керек. Стивен Хокинг ўақыттың қысқаша тарийхын ҳәм космостың дүзилисин кең жәмийетшиликке түсиникли тилде усыныўға ерискен.
Бизиң пикиримизше, Өзбекстан журналистикасы өзиниң илимий журналистлер мектебин қәлиплестириўи керек. Улыўма, таяныш компетенциялар бул бағдарда нәтийже бериўи мүмкин емес, буның ушын илимий журналистлер илим, илимий изертлеўлер, инновациялар бағдарларын түсиниў, илимий байланысларды орнатыў, мәлимлеме дереклери менен ислесиў ҳәм фактлерди тексериў қәбилетлерине ийе болыў, илимий текстлерди аўдарыў (әдебий тилге аўдарыў), социаллық әҳмийеттеги илим ҳәм техника тараўындағы темаларды анықлаў көнликпелерине ийе болыўы талап етиледи.
Илимий қолланбаларды илимий-ғалабалық материалға аўдарыў синтаксиси әпиўайы болыўы керек, себеби илимий терминологиялардың мәнисин оқыўшыға әпиўайы, ғалабалық тилде жеткериў керек. Илимий қолланбаларды әпиўайыластырыўда илимийлик логикасына ҳәм избе-излигине айрықша итибар бериў талап етилетуғынын умытпаў керек.
Белгили математик алым Ханна Фрайдың (Ханна Фрай 1984 ж. Математик, жазыўшы, теле ҳәм радио баслаўшысы) үш жүз бетлик ” Hello world” “Сәлем дүнья” китабында қурамалы гәплер дерлик жоқ, бирақ автор нейрон тармақлар ҳәм қурамалы алгоритмлердиң дүзилисин әпиўайы тилде түсиндирип берген.
Исенимли, исенимсиз мәлимлемениң ҳәдден тыс көплиги шараятында илимий ҳәм илимий-ғалабалық материалларға талап артып бармақта. Буны пандемия дәўиринде анық көрдик, пандемия фонында илим ҳәм оның жетискенликлери ҳаққында исенимли мағлыўматларға болған талап жүдә сезилди. Ядымызда, сол дәўирде жетерли илимий потенциалға ийе қәнигелер ғалаба хабар қуралларында кеселлик ҳаққында илим көзқарасынан шолыўлар берип, көплеген кеўилсиз жағдайлардың, керексиз ҳаўлықпалардың алдын алды.
Илим ҳаққында жазыўшы журналист сиясий шолыўшы ямаса экономикалық аналитик сыяқлы жоқары тәжирийбели қәниге болып табылады.
Раўажланған жәмийетте илим күшли, жәмийеттиң раўажланыўында шексиз орынға ийе болған социаллық институт болып, ол өз жумысында илимниң барлық бағдарларын қамтып алған ҳәм өз коммуникацияларына ийе. Бирақ, тилекке қарсы, илимий коммуникациялар, ғалаба хабар қураллары, ғалаба коммуникациялар системасына жетерли дәрежеде интеграцияласып, трансформацияланбаған.
Журналистика теориясында “илимий журналистика” ҳәм “илимий-ғалабалық журналистика” түсиниклери көбинесе синоним, бир-бирин алмастырыўшы сыпатында қолланылады ҳәм илимниң раўажланыўы сәўлеленген мәлимлемелерди өз алдына сегментте сәўлелендириўге хызмет етиўи керек.
Жәмийеттиң раўажланыўында, “илимий контент жаратыў” инсанияттың жасаў шараятларын өзгертиўге имкан береди, илимниң жетискенликлерин турмысқа енгизиў тезлеседи. Илим жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў илимге қызығыўшылықты қәлиплестиреди, адамларды бул тараўды раўажландырыўға, адамзат цивилизациясын алға илгерилетиўге ийтермелейди.
Илим – тек ғана инновациялық технологиялар, ашылыўлар, ойлап табыўлар ҳәм басқалар емес, ал инсанның сийрек ушырасатуғын пикирлеў усылы. Сол себепли, илимий изертлеўшилердиң жетискенликлери барлық жастағы адамларды билим алыўға ҳәм ҳәр қыйлы машқалалардың стандарт емес шешимлерин табыўға илҳамландырады, исбилерменлерди, бизнес ўәкиллерин илимди раўажландырыўға инвестиция киргизиўге ийтермелейди.
Бирақ илим терминлер, атамалар ҳәм санлар тилинде сөйлейди, бул болса көп жағдайларда көпшилик тәрепинен түсинилиўине тосқынлық етеди. Бул қыйыншылықты сапластырыўда журналистлер жәрдемге келиўи ҳәм илимпазлардың жетискенликлерин кең жәмийетшиликке жеткериўге хызмет етиўи зәрүр.
Илимий контент, улыўма илимий журналистика дәстүрий билимлендириўдеги айырым тосқынлықларды, бослықларды сапластырады, билимлендириўди сабақлықлар, оқыў материаллары ҳәм лекциялардан тысқарыға кеңейтеди. Илимий журналистика илимий-әмелий изертлеўлерди хошаметлеўши динамикалық ҳәм интерактив тәжирийбени усынады. Бул тәжирийбе оқыўшы-жасларға илимий принциплерди үйрениў, сезиў ҳәм тәжирийбе өткериў имканиятын береди, теманы тереңирек түсиниўге жәрдем береди.
Илимий коньтент, илимий журналистика билимлендириўде STEAM технологиясын – Science, Technology, Engineering, Art and Mathematics, яғный илим, технология, инженерлик, көркем өнер ҳәм математика тараўларын үйрениў ҳәм раўажландырыўда катализатор ўазыйпасын атқарады.
Илимий журналистика, илимий мағлыўматларды ғалаба ен жайдырыў, әпиўайыластырыў ҳәм илимий анықлық арасындағы нәзик тең салмақлылықты табыўдан ибарат болыўы зәрүр. Қурамалы илимий түсиниклерди ғалаба тилге аўдарыў, ҳәдден тыс әпиўайыластырыў илимий изертлеўдиң мәнисин бузып қоймаўынан абайлы болыў керек.
Сондай-ақ, илимий журналистлер илим тараўында алып барылып атырған изертлеўлердиң сырлылығын сақлаў ушын әдеп-икрамлылық жуўапкершиликке ийе болыўы зәрүр.
Әлбетте, жасалма интеллект ҳәм автоматластырыў илимий журналистиканың келешегинде әҳмийетли роль атқарады. Жасалма интеллектке тийкарланған алгоритмлер үлкен мағлыўматлар топламын таллаўы, пайда болып атырған илимий тенденцияларды анықлаўы ҳәм ҳәттеки, дәслепки жаңалықлар есабатларын жаратыўы мүмкин. Жасалма интеллект илимниң раўажланыўының айырым тәреплерин тезлестириўи мүмкин болса да, илимий журналистлердиң мағлыўматларын талқылаў, үйрениў, әдеп-икрамлылық қадағалаўды тәмийинлеўдеги орнын баса алмайды.
Миллий илимий контентти ислеп шығыў, социаллық институт сыпатында илимниң пүтинлигин, автономиясын ҳәм исенимлилигин тәмийинлейди. Бул контент илимий жумыстың улыўма субъектин қурайтуғын илимпазлардың тиккелей ҳәм тиккелей емес қарым-қатнасы түринде әмелге асырылады ҳәм кең жәмийетшиликке мәлимлеме мәканында байланыс қуралы сыпатында хызмет етеди.
Тиккелей емес илимий байланыстың тийкарғы қураллары, каналлары тек ғана тараўға қәнигелескен илимий журналлар емес, ал басқа да илимий басылымлар – илимий жумыслар топламлары, монографиялар, илимий-методикалық қолланбалар, диссертация ҳәм олардың авторефератлары, илимий конференциялардың баянатларының тезислери, электрон ямаса баспа түриндеги конференция материаллары болады. Илимий журналистлер санап өтилген дереклерди таллап, кең жәмийетшиликке жеткериўи талап етиледи.
Илимий басылымлар ҳәм илимий дәўирлик басылымлар – илимий жумыстың қуралы ҳәм нәтийжеси болып, илимниң раўажланыўы ушын әҳмийетли, ҳәр қыйлы илимий машқалаларды терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм шешиў имканиятын береди, бирақ оларды социаллық контекстке тезлик пенен киргизиў имканиятын бермейди. Илимий басылымлар ҳәм илимий-периодикалық басылымлардың және бир тәрепи бар, ол жәмийетти илимий мийрас шығармаларының мазмуны менен таныстырады.
Илимий басылымлардың темалары дерлик шексиз – олар илимниң ҳәр қандай тараўын, ҳәр қандай мәселелерин сәўлелендириўи мүмкин. Миллий илимий контентте илимий теориялар, нызамлылықлар, индивидуал ашылыўлар, белгили тәжирийбе сыпатламасы, пән ямаса илимий бағдардың генезиси, тартыслы мәселелер, ҳәр қандай нызамлылық ҳәм қағыйдаларды сынға алыў мүмкин болады. Контентте изертлеў усыллары, ең әҳмийетли ашылыўлар тарийхы, жаңа ҳәдийселер, тәбият ҳәм жәмийеттиң раўажланыў нызамлықлары жәрияланады, белгили фактлер жаңаша позициялар, көзқарасларда сәўлелендириледи.
Усы жерде, Өзбекстан журналистикасында (раўажланған мәмлекетлер қатарында) илимий журналистиканың орны болыўын қәлер едик. Бәринен бурын, “Алтын қәлем” Миллий сыйлығы халықаралық таңлаўына илимий, илимий-ғалабалық бағдарды киргизиў мақсетке муўапық болады.
Жәмийеттиң раўажланыўында, “илимий контент жаратыў” инсанияттың жасаў шараятларын өзгертиўге имкан береди, илимниң жетискенликлерин турмысқа енгизиў тезлеседи. Илим жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў илимге қызығыўшылықты қәлиплестиреди, адамларды бул тараўды раўажландырыўға, адамзат цивилизациясын алға илгерилетиўге ийтермелейди.
Миллий илимий контентти ислеп шығыў, социаллық институт сыпатында илимниң пүтинлигин, автономиясын ҳәм исенимлилигин тәмийинлейди. Бул контент илимий жумыстың улыўма субъектин қурайтуғын илимпазлардың тиккелей ҳәм тиккелей емес қарым-қатнасы түринде әмелге асырылады ҳәм кең жәмийетшиликке мәлимлеме мәканында байланыс қуралы сыпатында хызмет етеди.
Илимниң жетискенликлерине барған сайын көбирек сүйенип атырған дүньяда илимий журналистиканың орны ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Ол бизди ойлап табыўлар, жетискенликлер ҳәм инновациялар ағымынан дурыс, өз ўақтында хабардар болып барыўға хызмет етеди.
Сарвар Маҳмудов, педагогика илимлериниң докторы
Қарақалпақстан хабар агентлиги