Техникумларға қабыллаў мүддети создырылды

Бизге белгили, техникумларға 9 ямаса 11-класс питкериўшилери қабыл етиледи. Ҳүжжетлер ҳәр жылы мәмлекетлик қабыллаў порталы арқалы ямаса офлайн тәризде тапсырылады. Питкериўшилер имтиханлар ямаса сәўбет тийкарында қабыл етилиўи мүмкин. Оқыў тамамланғаннан соң, студентлерге техникум дипломы бериледи. Дипломда кәсип аты ҳәм ийеленген қәнигелик көрсетиледи. Кейин ала жумыс ислеў ямаса жоқары билимлендириўде билим алыўды даўам еттириў имканияты бар. Айырым техникумлар бюджет тийкарында, айырымлары болса контракт тийкарында оқыў имканиятын береди. Контракт баҳалары техникум ҳәм бағдарға қарап өзгешеленеди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, усы жылы 9-класс питкериўшилерин техникумларға қабыллаў мүддети 10-августқа шекем даўам етеди.
Атап өтилиўинше, Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң 2025-жылы 9-класын питкерген оқыўшыларын 519 техникумның биреўинде оқытыў ушын my.edu.uz электрон платформасы арқалы онлайн дизимнен өткериў 10-августқа шекем (сол күни де) создырылды.
Питкериўшилер мәмлекетлик грант тийкарында күндизги ямаса дуаль тәлим түрлери бойынша оқыўға қабыл етиледи.
Буннан тысқары, олар 14 техникумда шөлкемлестирилетуғын халықаралық билимлендириў бағдарламасына грант тийкарында оқыў ушын да 10-августқа шекем my.edu.uz платформасы арқалы онлайн ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.
Тәлим түри күндизги болып, платформаға туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық ямаса ID карта мағлыўматлары, 3х4 көлемдеги фотосүўрет киргизиледи.
Муҳайё Тошқорайева,
ӨзА