Өзбекстанның туристлик потенциалы: таллаў ҳәм усыныслар

Туризм тек ғана экономикалық дәрамат дәреги емес, ал мәмлекеттиң унамлы имиджин жаратыўда да әҳмийетли қуралға айланған. Өзбекстан да бул бағдарда үлкен потенциалға ийе мәмлекетлер қатарынан орын ийелемекте. Тарийхый естеликлер, бийтәкирар тәбийғый ландшафтлар, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң үнлеслиги туризм санаатының тийкарын беккемлеп, оны стратегиялық раўажланыў бағдарларынан бирине айландырмақта.
Өзбекстан аймағы әййемнен Уллы жипек жолының орайлық бөлиминде жайласқан. Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы қалалар дүнья цивилизациясы тарийхында өзине тән орын ийелейди. Әне усы қалалар туристлер ушын өзине тартатуғын “ашық аспан астындағы музей” болып хызмет етпекте. Улығбек обсерваториясы, Регистан майданы, Ийшан қала сыяқлы естеликлер жылдан-жылға мыңлаған сырт елли туристлерди тартпақта.

Сондай-ақ, өзбек халқының миллий тағамларының ҳәр түрлилиги, өнерментшилик өнимлери, фольклор дәстүрлери де туристлер ушын айрықша қызығыўшылық оятпақта.
Туризм инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған жумысларға итибар қаратылса, бәринен бурын, транспорт, мийманхана, мәлимлеме технологиялары ҳәм қәўипсизлик системасының сезилерли дәрежеде жетилистирилгенин көриў мүмкин.

Атап айтқанда, Электрон виза системасы әпиўайыластырылды ҳәм арза тапсырыў процеси онлайн түрге өткерилди. Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларында жоқары сапалы мийманханалар, шаңарақлық турақ жайлар саны артты. Ири қалаларда туристлер ушын мәлимлеме орайлары ҳәм интерактив карталар иске қосылды. Туристлердиӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде “Туризм полициясы” системасы жолға қойылды. Буннан тысқары, миллий мәденият, үрп-әдет, халық әмелий көркем өнери, миллий тағамлар ҳәм фестивальлар арқалы туризмниң мәдений ҳәм гастрономиялық бағдарлары да жедел раўажландырылмақта.
Жақын жылларда Өзбекстанда туризмди раўажландырыў бойынша төмендеги бағдарларда инновациялық қатнаслар бақланды:
Зыярат туризми – Бухара, Самарқанд, Хийўа, Термиз сыяқлы қалалар тарийхый зыярат етиў орынлары арқалы мыңлаған туристлерди өзине тартпақта.

Қоқанд, Фергана ойпатлығы, Замин, Байсын таўлы аймақларында экотуризм раўажланбақта. Бул аймақларда дүнья стандартларына муўапық реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта.
Саламатландырыў туризми – санаториялар, емлеў орынлары, шыпалы суў дәреклерине барыў арқалы тек ғана дем алыў емес, ал медицина арқалы белгили бир кеселликлерге шыпа табыў мүмкин.
Жергиликли өнерментшилик ҳәм этнотуризм – Марғылан атласы, өзбек тақыя тигиў мектеплери, Риштон гүлалшылық орайы дүньяға белгили ҳәм атақлы. Өзбек миллий кийимлери тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүньяның ири подиумларында да көрсетилмекте.
Сондай-ақ, Самарқандтағы “Silk Road” туристлик орайы, Бухарадағы ески қалашаларды реконструкциялаў ҳәм “Toshkent City” жойбарлары арқалы заманагөй ҳәм тарийхый туризм үйлестирилмекте.
Өзбекстанға келетуғын сырт елли ҳәм жергиликли туристлердиң санын және де арттырыў ушын төмендеги бағдарларда жумыслардың алып барылыўы мақсетке муўапық болар еди.
Бәринен бурын, маркетинг ҳәм реклама жумысын күшейтиў – Өзбекстанның туристлик имканиятларын дүньяға танытыў ушын социаллық тармақлар, блогерлер, халықаралық медиа арқалы кең көлемли PR-кампаниялар шөлкемлестириў. Бул усыл арқалы тек ғана сырт елли емес, ал жергиликли туристлерге де белгисиз мәнзиллерди таныстырыў ҳәм оларда саяхатқа болған қызығыўшылықты және де арттырыў мүмкин.
Жергиликли гидлер ҳәм дилмашлар таярлаў арқалы сырт елли туристлерге профессионал хызмет көрсете алатуғын шет тиллерде сөйлейтуғын қәнигелердиң санын арттырыў. Гид ҳәм аўдармашылар тек ғана шет тиллерин емес, ал мәмлекетимиз тарийхын да терең билиўи мақсетке муўапық.
Жергиликли халықтың туризм мәдениятын арттырыў мақсетинде туристлер менен мәдений қарым-қатнас, қолайлы орталық жаратыў, унамлы тәсир қалдырыў бойынша халық арасында семинар ҳәм тренинглер өткериў зәрүр.
Интерактив, санлы хызметлерди көбейтиў керек. Онда туристлик мобиль қосымшалар, виртуал гидлер, жасалма интеллект тийкарында жолламалар таярлап заманагөй туристлердиң талабына жуўап бериў керек.
Өзбекстанда туризм тараўы тек ғана экономикалық емес, ал мәдений ҳәм социаллық раўажланыўға хызмет ететуғын әҳмийетли бағдар. Тәбияттың бийтәкирар көринислери, бай тарийхый мийрас, миймандос халқымыз ҳәм заманагөй инфраструктура туристлер ушын идеал орталық жаратпақта. Енди бул имканиятларды және де кеңейтиў, туризм арқалы мәмлекет брендин дүньяға танытыў – ҳәр бир тараў ўәкиллери алдында турған тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА