“Жасыл белги”: өним ҳәм хызметлерди бирден-бир ықтыярлы экологиялық маркировкалаў тәртиби белгиленди

“Жасыл белги” өним ҳәм хызметлерди бирден-бир ықтыярлы экологиялық маркировкалаў тәртиби ҳаққында”ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Бул Реже сертификатластырыўды өткериў, талапкерди авторизациядан өткериў, сырт ел экологиялық маркировкалаў системаларын тән алыў ҳәм экологиялық маркировкалаў белгисин қолланыўды өз ишине алады.
Арза бериўши экологиялық маркировкалаў уйымына белгиленген формалардағы өним ҳәм хызметлерди сертификатластырыў бойынша арза менен жазба яки электрон тўрде мүрәжат етеди.
Экологиялық маркировкалаў уйымы тәрепинен сертификатластырыў бойынша арза келип түскен күннен баслап 5 жумыс күни даўамында онда көрсетилген мағлыўматлар көрип шығылады.
Сертификациялаўды өткериў 3 айдан аспаған мүддетте әмелге асырылады.
Экспертлер топары тәрепинен сертификатластырыў процеси нәтийжелери бойынша жуўмақ рәсмийлестириледи.
Сертификациялаў нәтийжелеринен наразы болғанлар 1 ай ишинде Апелляция комиссиясына жазба яки электрон түрде апелляция шағымын бериўи мүмкин,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги