Кем тәмийинленген шахслар мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыўы мүмкин.

Мәмлекетимизде Конституция ҳәм нызамларымыз бенен инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин арттырыў ҳәм олардың қәнигели юридикалық жәрдем алыўға болған ҳуқықларының кепилликлери күшейтилген.
Атап айтқанда, “Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында”ғы нызамда пуқараларға Өзбекстан Республикасы Конституциясы менен кепилленген қәнигели юридикалық жәрдем алыў ҳуқықынан толық пайдаланыў имканияты жаратылды. Бул нызам менен улыўма юрисдикция судларында мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ҳуқықына ийе болған шахслар категориясы белгилеп қойылған. Бирақ кем тәмийинленген шахслар Конституциялық судқа мүрәжат еткенде оларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў әмелдеги нызамларда тәртипке салынбаған.

Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының мәжилисинде кем тәмийинленген шахсларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине кем тәмийинленген шахсларға өзине қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққында Конституциялық судқа мүрәжат еткенде, мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ҳуқықын белгилеўге қаратылған қосымшалар киргизилмекте.

Нызам жойбары пуқаралардың конституциялық әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиўге, мәмлекет есабынан қәнигели юридикалық жәрдем алыў ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған.
Фракция ағзалары нызам жойбары бойынша пикир-усынысларын билдирип, оны қоллап-қуўатлады.
ӨзА