“Iste’molchi” мобиль қосымшасы енгизиледи

105

Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмйиетлери федерациясы ҳәм “RealSoft” компаниясы менен биргеликте “Iste’molchi”мобил қосымшасы ислеп шығылды.

Қосымшада материаллық тәмийнаттың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, жасырын экономикаға шек қойыў, рәсмий емес жумыс орынларын азайтыў, салық жүги ҳәм төлемлердиң ашық-айдынлығын арттырыўға қаратылған бир қатар функционал имканиятлар жаратылған.

Сондай-ақ, тутыныўшылар өз ҳуқықлары бузылған жағдайларда федерацияға оператив мүрәжат жоллаў имканиятына ийе болады. Қосымшаға компания тәрепинен ислеп шығылған “Жасыл төлем” системасы да интеграцияланады.

“Iste’molchi” мобиль қосымшасы федерация хызметкерлери ҳәм ағзаларына тутыныўшылардың ҳуқықларын бузатуғын жағдайларды анықлаў ҳәм нәтийжели қадағалаў имканиятын береди.

Соның менен бирге, пайдаланыўшыларға ҳуқықый саўатлылықты арттырыў мақсетинде видеоқолланбалар, тестлер ҳәм электрон сертификатлар да усынылады.

Бул инновациялық шешимлер тараўдағы ҳуқықбузарлықларды азайтыў, исбилерменлерди нызамлы жумыс алып барыўға бағдарлаў ҳәм тутыныўшылардың мәплерин қорғаўда жаңа басқышты баслап береди.

ӨзА