Рак ҳүким емес

121

Инсанның ең үлкен байлығы бул әлбетте, оның денсаўлығы болып есапланады. Сонлықтан, кейинги жыллары елимизде халықтың саламатлығын жақсылаў ҳәм беккемлеў бағдарында үлкен жумыслар исленбекте. Әсиресе, ҳаял-қызлардың денсаўлығына ғамхорлық етиў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Мәмлекетимизде бул бағдарда бир қатар ўазыйпалар ҳәм илажлар белгиленип, жылдан-жылға ҳаял-қызларға медициналық хызмет көрсетиўдиӊ сапасы жақсыланбақта.

Сондай-ақ, бир әҳмийетли тәрепке айрықша итибар қаратыў керек. Яғный, онкологиялық кеселликлер арасында кең тарқалған ҳәм мыңлаған инсанлардың өмирине қәўип туўдырып атырған жатыр мойны рак кеселлиги ҳаққында кең жәмийетшилик хабардар болыўы зәрүр. Бул кеселлик ерте анықланғанда толық емленеди.

Солай екен, бул бағдардағы профилактикалық илажлар, шаншыў бағдарламалары ҳәм турақлы скрининг тексериўлери ҳәр бир ҳаялдың өмири ушын үлкен әҳмийетке ийе.

– Бүгинги күнде жатыр мойны раги ҳаял-қызларымыз арасында ең көп ушырасатуғын онкологиялық кеселликлер ишинде көкирек бези рагинен кейинги орында турады. Бул кеселликтиң тийкарғы себеби – адам папиллома вирусы (HPV) болып есапланады. Бул вирустың еки жүзден аслам түри болып, олардың 14 и жоқары қәўипли, онкоген түрлер қатарына киреди.

Соны айрықша атап өтиў керек, вирус анықланған жағдайдың өзи рак дегени емес. Айырым жағдайларда ҳаял организминдеги иммунитет системасы 1-2 жыл ишинде бул вирусқа қарсы гүресип, оны организмнен пүткиллей шығарып жибереди. Бирақ, айырым жағдайларда вирус узақ ўақыт организмде сақланып қалса, бул жағдай жатыр мойны рак кеселликлерине алып келиўи мүмкин. Егер бул басқышта анықланбаса ҳәм емлеў кешиктирилсе, рак кеселлиги раўажланыў итималы артады.

Өзбекстан Республикасында 2019-жылдан баслап 9-14 жасар қызларды HPV вирусына қарсы шаншыў бағдарламасы жолға қойылған. Бул бағдарда Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми менен биргеликте кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери менен биргеликте жатыр мойны рак кеселлигин улыўма жоқ етиў бойынша илимий излениўлер алып барылмақта.

Бүгинги күнде бизиң тийкарғы ўазыйпамыз кеселликтиң алдын алыў. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар арасында шаншыў бағдарламасын кеңейтиў, 30 жастан асқан ҳаял-қызларды HPV анықлаў бойынша скрининг тексериўлерден турақлы өткерип барыў зәрүр. Кеминде, ҳаял-қызларымыздың 70 проценти усы тексериўден өтиўи керек.

Ең әҳмийетлиси, жатыр мойны раги ерте басқышта анықланса, оны толық емлеў мүмкин болған кеселликлер қатарына киреди. Бүгин елимизде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ҳаял-қызлардың саламатлығына айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 402-санлы Президент қарары тийкарында жатыр мойны ҳәм көкирек бези рак кеселлигиниң алдын алыў бойынша стратегиялық бағдарлар белгилеп берилген. Олардан бири – 30, 40 ҳәм 50 жастағы ҳаялларды HPV вирусы бойынша тексериўден өткериў.

Бул бағдарда бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: егер тест нәтийжесинде вирус анықланса, ҳаўлығыў керек емес. Себеби, бул еле рак емес. Рак алды басқышлары анықланғанда, оларды толық емлеў ҳәм кеселликтиң раўажланыўына жол қоймаў мүмкин. Айтып өтиў орынлы, рак – ҳүким емес. Кеселлик қаншелли ерте анықланса, емлеў нәтийжеси соншелли жақсы болады.

Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап 209 онкоқадағалаў ханалары шөлкемлестирилген болып, оларда арнаўлы тексериўлер әмелге асырылады. Ҳаял-қызларымызды бул тестлерден өтиўге шақырғанымызда, олар барлық жумысларын бир шетке қойып, әлбетте, скрининг тексериўлерине келиўи керек. Бул бағдарда шаңарақлық орталық, жақынлардың қоллап-қуўатлаўы да үлкен әҳмийетке ийе.

Тилекке қарсы, жәмийетимизде “аўырыў болмаса, шыпакерге бармайды” деген надурыс түсиник бар. Бирақ скрининглер бийкарға шөлкемлестирилмейди. Инсан өзин саламат сезген жағдайда да турақлы түрде тексериўлерден өтип турыўы керек.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына бола, 30 жасқа шекемги ҳаял-қызларға HPV бойынша тексериў өткериў шәрт емес. Себеби бул жасқа шекем организмде иммунитет күшли болады ҳәм вирус организмнен өзи шығып кетиў итималы жоқары. Сол себепли, 30, 40 ҳәм 50 жастағы ҳаяллар арасында скрининг өткериў режелестирилген.

Статистикалық мағлыўматларға бола, скрининг нәтийжесинде ҳаял-қызларымыздың орташа 10 процентинде HPV вирусы анықланыўы мүмкин. Бул жағдайда оларды тереңирек тексериўге жибериў керек болады. Бирақ терең тексериўлер нәтийжесинде де олардың ҳәммесинде де рак анықланбайды.

Атап өтиў орынлы, рактың төрт тийкарғы басқышы бар, бирақ сондай-ақ, “нол” басқыш, яғный рак алды жағдайы да бар. Кеселлик әне, усы басқышта анықланса, бул биз ушын үлкен жетискенлик болады. Себеби, өз ўақтында анықланған кеселликтиң алды  алынса, денсаўлықты, өмирди сақлап қалады.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА