Суў, топырақ ҳәм қанда топланып атырған TFA: илимпазлар қәўетерде

109

“Nature” журналының жазыўынша, изертлеўшилер жаўын-шашында трифтор сирке кислотасы (TFA) консентрациясы артқанын атап өткен.

– Жаўын ямаса қар жаўғанда оның менен бирге трифторсирке кислотасы деп аталатуғын антропоген зат та түседи. Ол пүткил дүнья бойлап көл ҳәм дәрьяларда, дән егинлери ҳәм ҳайўанлар баўырында, сондай-ақ, инсан қанында да ушырасады, – делинеди мақалада.

Атап өтилиўинше, TFA қоршаған орталыққа санаат өндириси, суўытқыштан ағатуғын затлар ямаса айырым пестицидлердиң тарқалыўы арқалы киреди. Соның менен бирге, зат тәбийғый түрде тарқалмайды, топырақта, суўда ҳәм тири организмлерде топланады.

Илимпазлар кислотаның қәўиплилик дәрежеси ҳаққында тартысыўда даўам етпекте.

Атап өтилиўинше, жаңа изертлеўлер оның қоршаған орталық ҳәм репродуктивлик саламатлыққа потенциал тәсирин анықлаўға жәрдем береди.

С.Раҳимов, ӨзА