Медицина жаңалықлары:

Япон илимпазлары генетика тараўында үлкен жетискенликке еристи: олар Даун синдромына себеп болатуғын артықша хромосоманы жоқ етиўди үйренди. Ҳәзирше бундай тәжирийбелер тек ғана клетка дәрежесинде өткерилмекте, бирақ олар келешекте наўқаслардың тәғдирин өзгертиўге уқыплы болған ген дәрежесиндеги араласыўды раўажландырыў ушын үмит оятпақта.
Илимпазлар ҳәммеге белгили “күнине 10 000 қәдем” нормасын қайта көрип шықты. 57 илимий изертлеўдиң анализи тийкарында денсаўлықты сақлаў ушын 7000 қәдем жеткиликли, деген жуўмаққа келинди. Бундай дәрежедеги физикалық белсендилик жүрек-қан тамыр кеселликлери, рак, қантлы диабет, деменция ҳәм депрессия қәўпин сезилерли дәрежеде азайтады.
Глютенге шыдамсызлық руўхый машқалаларға себеп болиўи мүмкин. Глютенге сезгир адамларда ол исиниўди келтирип шығарады, ишек ҳәм мийдиң жумысын бузады (шизофрения қәўпи 3 есеге артады), турмыслық зәрүр витаминлер ҳәм микроэлементлер жетиспеўшилигине алып келеди.
6 процентке шекем адамлар бул сезгирликтен азап шегеди, бирақ көбинесе буннан хабарсыз болады. Емлеў усылы жоқ, бирақ глютенсиз диетаға өтиў көбинесе сезилерли жеңиллик береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги