Экстремал ҳаўа-райы қуяш панеллерине унамсыз тәсир көрсетеди (ме)?

73

Ember Global Electricity халықаралық энергетика таллаў орайы тәрепинен жәрияланған есабатқа бола, қуяш панеллери арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў 2024-жылы 474 тераватт-саатқа өсиўи болжанған, бул өткен жылға салыстырғанда 29 процентке көп. Бул өсиў қуяш энергиясын избе-из үшинши жыл глобал ислеп шығарыўда ең үлкен таза энергия дәрегине айландырады ҳәм оның глобал электр энергиясын ислеп шығарыўдағы үлесин 6,9 процентке жеткереди.

Орайдың аналитиги Костанса Рангелованың пикиринше, қуяш энергиясын ислеп шығарыў инвестиция есабынан өсиў даўам етиўи күтилип атырған болса-да, бирақ буршақ, боран сыяқлы тәбийғый ҳәдийселер электр ислеп шығарыў нәтийжелилигине унамсыз тәсир етпекте.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) ниң февраль айында жәрияланған мағлыўматында келтирилиўинше, соңғы 50 жыл ишинде климат өзгериўи себепли экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери 400 процентке артқан.

– Қолайсыз ҳаўа-райы себепли жүзеге келетуғын көплеген электр үзилислери еки күннен төрт күнге шекем даўам етиўи мүмкин, бул болса жыллық өндиристиң шама менен 1 процентин шығынға алып келеди, – дейди К.Рангелова. – Қалаберди, ҳәр қандай температураның көтерилиўи модулдиң нәтийжелилигин төменлетиўи мүмкин.

Эксперттиң айтыўынша, ыссы климат шараятында фотоэлектр системаларының жыллық деградация дәрежеси 0,88 процентке жетиўи мүмкин, салқынырақ аймақларда болса бул көрсеткиш 0,48 процент әтирапында өзгерип турады ҳәм қуяш панеллериниң нәтийжелилиги тиккелей температураға байланыслы.

Стандарт сынақ шәртлери 25 градус Цельсий, бирақ реал шараятларда модуллер көбинесе сезилерли дәрежеде жоқары температураларда ислейди. Температураның ҳәр бир градус артыўы модулдиң нәтийжелилигин төменлетиўи ҳәм жыллық ислемей қалыў дәрежесин арттырыўы мүмкин. Буршақ ҳәм күшли самаллар қуяш панеллерине аўыр механикалық зыян жеткериўи мүмкин, соның ишинде, шийше сыныўы ҳәм орнатыў бөлимлериниң зыянланыў итималы жоқары.

Фотоэлектрик системалар әдетте 25 миллиметрлик нөсер жаўынға қарсылық ушын сынақтан өткериледи. Олардың жайласыўы, жергиликли структуралар ҳәм самал бағыты сыяқлы қоршаған орталық факторлары да зыянланыў қәўпин азайтыўда әҳмийетли роль атқарады.

Рангелова, экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери физикалық зыян менен шекленип қалмастан, ал қуяш радиациясына да тәсир етиўи ҳәм тығыз булт қапламы, түтин ҳәм шаң боранлары сыяқлы ҳәдийселер де қысқа мүддетли өндиристиң төменлеўине алып келиўи мүмкин екенлигин айтты.

Аналитик орай тәрепинен қуяш энергетикасы бойынша келешектеги қәўип-қәтерлерди сапластырыў ушын ҳәр қыйлы бейимлесиў стратегиялары ислеп шығылғанын билдирип, кең көлемли қамсызландырыў моделлери, энергия сақлаў системалары ҳәм тармақлардың бейимлесиўшеңлигин арттырыў сыяқлы ўазыйпалар әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Оның қосымша етиўинше, пүткил дүнья бойлап экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери себепли қуяш электр станцияларына жеткерилген зыянның улыўма баҳасы ҳаққында ҳәзирше анық мағлыўматлар жоқ.

Муҳаррама Пирматова таярлады.

ӨзА