Европа ҳәм АҚШ арасындағы саўда қарама-қарсылығы тамамланды (+видео)

Шотландияда болып өткен ушырасыўда АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәм Европа Комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен тарифлер бойынша өз-ара келисимге еристи.
Алдынырақ, АҚШ Европа Аўқамынан алып келинетуғын барлық өнимлерге 30 процентлик бажы енгизиў нийетинде екенин мәлим еткен еди. Бирақ дүзилген келисим нәтийжесинде бул көрсеткиш орташа 15 процентти қурайды.
– Европа Аўқамы Қурама Штатлардан 750 миллиард долларлық энергия сатып алыўға келисим берди. Сондай-ақ, ЕА Америка экономикасына қосымша түрде 600 миллиард доллар инвестиция киргизеди, – деди Трамп өз билдириўинде.
Усы тәризде, дүньядағы ең ири базар қатнасыўшылары арасындағы саўда ҳәм тариф бойынша кескин келиспеўшилик сапластырылды. Дональд Трамп бул келисимди АҚШтың саўда шериклери менен тең салмақлы қатнасықлар орнатыў ушын қойылып атырған қәдем сыпатында баҳалады.
Европа Комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен де келисимди тастыйықлады ҳәм оның айырым тәреплери жақын ҳәптелерде толық жәрияланатуғынын билдирген. Оның атап өтиўинше, жаңа шәртлер бойынша импорт етилетуғын товарлардың үлкен бөлегине 15 процентлик тариф қолланылады, бирақ айырым товарлар, атап айтқанда, аўыл хожалығы өнимлерине бажлар пүткиллей бийкар етиледи.
Ушырасыўдан бурын Трамп ҳәм фон дер Ляйен өз-ара келисим имканиятын «50ге 50» деп баҳалаған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги