Иордания ҳәм БАӘ Газаға жәрдем жибере баслады

88

Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Иордания Израиль блокадасы себепли ашлықта қалып атырған Газа секторына самолёт арқалы жәрдем жибериўди баслады.

“KAN” хабарына бола, еки мәмлекет самолётлары парашютлар арқалы Газа қаласына ири көлемдеги сегиз қуты жәрдем таслаған.

Бул қутылардың төртеўи Газа қаласының Ески қала аймағына, және төртеўи қаланың арқасындағы Зайтун мәҳәллесине тасланғанлығы анықланған.

Израиль армиясы жума күнинен баслап сырт мәмлекетлерге Газа секторына гуманитарлық жәрдемлерди ҳаўадан алып өтиўге рухсат беретуғынын айтқан еди.

Тәмийнаттың бир бөлеги теңизге түсип, ашлықтан азап шегип атырған халықты жағаға қарай жуўырыўға мәжбүр етти, қалаберди, жәрдемниң усы тәризде жеткерилиўи қатты сынға алынды.

М.Пирматова, ӨзА