Самолёттағы өли дене изсиз жоғалды

Жақында Стамбулдан Сан-Францискоға жол алған халықаралық рейсте қызық ўақыя жүз берди. “Aviation A2Z” басылымының мәлим етиўинше, пәрўаз ўақтында қайтыс болған ҳиндстанлы жолаўшының денеси самолёт жерге қонғаннан кейин изсиз жоғалған.
– Өли денениң жоғалыўына байланыслы ўақыяға “Turkish Airlines” компаниясы ҳәм АҚШ рәсмийлери тергеў даўамында анықлық киргизиўи күтилмекте, – деп жазады дәрек.
Хабарға бола, “Түрк ҳаўа жоллары” самолёты Гренландия үстинен ушып баратырғанда жолаўшылардан бириниң жағдайы төменлеген. Шыпакерлердиң ҳәрекетлерине қарамастан, ол қайтыс болған. Нәтийжеде самолёт Чикагодағы “ОХара” аэропортына айрықша жағдайда қоныўға мәжбүр болған.
Белгиленген тәртиплерге бола, өли дене Иллинойс штатындағы Кук округи моргына тапсырылыўы керек еди. Бирақ бул медициналық орай ўәкиллери өли денени алмағанын айтқан.
Сондай-ақ, аэропорт хызметкерлери ҳәм авиакомпания ўәкили жолаўшының өлими ҳәм оның шахсы ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат бериўди қәлемеген.
С.Раҳимов, ӨзА