Смартфон пайдаланған балаларда руўхый машқалалар анықланбақта

81

Жақында жәрияланған ири халықаралық изертлеўге бола, 13 жасқа шекем смартфонға ийе болған балалар үлкейгеннен кейин, қәўетерлениў, жалғызлық сезими ҳәм ҳәттеки өз жанына қастыянлық етиў ҳаққында ойлаў итималы жоқары болады.

Бул жуўмақ 163 мәмлекеттен 100 мыңнан аслам қатнасыўшының мағлыўматлары тийкарында шығарылған. 18-24 жастағы жаслардың қатнасыўында өткерилген таллаўларда олардың биринши смартфон пайдаланған ўақыты менен ҳәзирги руўхый жағдайы арасындағы байланыслылық үйренилди. Нәтийжелер Journal of Human Development and Capabilities журналында басып шығарылды.

Тийкарғы бақлаўлар төмендегише:

13 жаста смартфон алганларда руўхый саламатлық көрсеткиши (MHQ) 30 балл болған;

5-6 жаста алғанларда болса бул көрсеткиш дерлик нолге тең болған;

Әсиресе, қызлар арасында унамсыз ақыбетлер күшлирек: 5-6 жаста смартфонға ийе болған қызлардың 48 проценти өмиринде өз жанына қастыянлық етиў пикирлерин басынан өткерген.

Қәнигелердиң айтыўынша, тийкарғы машқала – социаллық тармақлар, кибербуллинг, уйқысызлық, надурыс алгоритмлер ҳәм шаңарақлық қарым-қатнастың төменлеўи менен байланыслы. Изертлеўге бола, бундай факторлар жаслар арасындағы руўхый машқалалардың 40 процентине себеп болмақта. Изертлеў жуўмағында ескертиледи, егер бул машқала қатаң қадағалаўға алынбаса, балалардың руўхый саламатлығы барған сайын төменлейди. Ата-аналардың өзи бул қәўипти толық сапластыра алмайды – мәмлекетлик сиясат ҳәм технологиялық жуўапкершилик әҳмийетли орын ийелейди.

ўзи бу хавфни тўлиқ бартараф эта олмайди — давлат сиёсати ва технологик масъулият муҳим ўрин тутади.

Мадинабону НАСРИЕВА,

Анвархўжа АҲМЕДОВ, ӨзАның хабаршылары