Сенат делегациясы ПАға ағза мәмлекетлер парламентлери спикер ҳаялларының 15-саммитинде қатнаспақта

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Швейцарияның Женева қаласында Парламентлераралық Аўқам (ПА)ға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял спикерлериниң инклюзив ҳәм узақ мүддетли тынышлық жолында жетекшилик темасына бағышланған 15-саммитинде қатнаспақта.
Бул халықаралық платформа парламентлердиң ҳаял спикерлерин, сондай-ақ, инклюзивлик, тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды алға қойыўға үлес қосып атырған абырайлы халықаралық экспертлерди бирлестирди.
Саммит бағдарламасы ҳаял-қызлардың тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдеги ролин, соның ишинде, БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң 1325-санлы резолюциясын әмелге асырыў көзқарасынан додалаўды, сондай-ақ, климат өзгериўи, жасалма интеллектти раўажландырыў, гендер ҳәм расалық тийкардағы онлайн зорлық сыяқлы заманагөй қәўип-қәтерлерди көрип шығыўды нәзерде тутады.
Саммиттиң биринши сессиясы шеңберинде “Ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик” күн тәртибиниң 25 жылдан кейинги нәтийжелери ҳәм перспективалары – сақланып қалып атырған қәўип-қәтерлер ҳәм раўажланыў жоллары додаланады.
Екинши сессияда қатнасыўшылар жаңа глобаллық қәўип-қәтерлерди жеңип өтиў жолларын көрип шығады ҳәм табыслы тәжирийбе алмасады.
Дебатлар да болып өтеди, оларда спикер ҳаяллар гендер теңлик ҳәм санлы қәўип-қәтерлер менен байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша өз пикирин билдиреди.
Саммит шеңберинде Олий Мажлис Сенаты Баслығының шығып сөйлеўи ҳәм еки тәреплеме ушырасыўлар өткериў режелестирилген.
Н.Абдураимова,
ӨзА