Байрам алдынан Нөкис қаласының жаңаша келбети

Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Нөкис қаласының халқы да ең уллы, ең әзиз байрам Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығын барлық тараўларда үлкен табыслар менен күтип алмақта.
Усы жылдың январь-июнь айларында баҳасы 806,3 миллиард сум болған 48 жойбар иске қосылды ҳәм 561 жаңа жумыс орны жаратылды. Сондай-ақ, 88,3 миллион АҚШ доллары муғдарында өнимлер экспорт етилди.
Аймақлық бағдарлама шеңберинде 2025-жылы улыўма баҳасы 2,3 триллион сум болған 107 жойбардың иске қосылыўы ҳәм 2 мың 471 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Соннан бүгинги күнде баҳасы 806,3 миллиард сум болған 48 жойбар иске қосылды ҳәм 561 жаңа жумыс орны жаратылды. Соның ишинде, “Karakalpak Basaltwool” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жойбар баҳасы 50,0 миллион долларлық базальт минералынан ыссылық сақлаўшы материал ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары усы жылдың февраль айында иске қосылды. Нәтийжеде 300 жумыс орны жаратылды ҳәм июль айынан ислеп шығарылған өнимлер Әзербайжан мәмлекетиниң Баку қаласына экспорт етиле басланды.

“Yuventa Nukus” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен болса жойбар баҳасы 2 миллион долларлық “Monte” бренди астында музқаймақ ислеп шығарыў жойбары жаратылып, усы тийкарда республика базарлары сапалы сүт өнимлери менен тәмийинлениўине ерисилди, 40 қа шамалас жумыс орны жаратылды.
Сондай-ақ, усы жылдың июль-декабрь айларында бир қатар ири жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 1000 нан аслам жумыс орны жаратылады. Соның ишинде, “Nukus SSP Texnopark” жуўапкершилиги шекленген жәмиети тәрепинен 40 миллион долларлық аралас (жасалма ҳәм пахта) талшықтан жип ийириўди шөлкемлестириў жойбарының әмелге асырылыўы нәтийжесинде 1000, “Coals Ks” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 12 миллион долларлық газоблок ислеп шығарыў жойбарының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде 200, “Paytez” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 3 миллион АҚШ доллары муғдарында полипропилен ҳәм полиэтилен қап ислеп шығарыўды жолға қойыўы нәтийжесинде 50, “Prime Cold Nukus Tekstil” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 1 миллион долларлық гезлеме ҳәм сүлги ислеп шығарыў жойбарының иске түсирилиўи нәтийжесинде 100 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Быйылғы жылы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 9 социаллық ҳәм инфраструктуралық объектте жәми 188 миллиард 264 миллион сумлық қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, “Шадлы аўыл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 43-санлы улыўма билим бериў мектебине қосымша 240 орынлық имаратты қурыў, “Туран” ойын майданы ҳәм 4Р176 Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 9,3-14,3 км, 4Р174 Нөкис-Хожели автомобиль жолының 0-11 км бөлеклерин реконструкциялаў, “Көк өзек” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында орайласқан ыссылық қазанханасы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы имаратын жаңадан қурыў жумыслары режелестирилген, “Нөкис” суў тазалаў объектинде болса қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.
Жаңадан қурылып атырған объектлерден және “Қумбыз аўыл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қосымша 330 орынлық имараты ҳәм Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалы имаратын атап өтиў мүмкин. Сондай-ақ, “Нөкис ССП Технопарк” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Жип ийириў, таярлаў, тигиў, трикотаж ҳәм гезлеме материалларын ислеп шығарыўға қәнигелескен кәрханасына электр тәмийнаты қурылмаларын орнатыў жумыслары тендер саўдаларына қойылыўы мөлшерленбекте.
Қаламызда мүтәж пуқараларды турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша өткен жылы бир қатар кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, қурылған 2 мың 951 квартиралы 56, 1 мың 326 квартиралы 25 көп қабатлы турақ жайлар толық қурып питкерилип, өз ийелерине тапсырылды. Қалған 1 мың 625 квартиралы 31 көп қабатлы турақ жай усы жылдың ақырына шекем тапсырылыўы нәзерде тутылған. Буннан тысқары, Нөкис қаласында быйылғы жылы 2 мың 73 квартиралы 38 көп қабатлы турақ жайдың қурылысы режелестирилмекте. “Ашық бюджет” электрон платформасы арқалы 2025-жылдың 1-мәўсиминде белгиленген 13 объектке 19 миллиард 500 миллион сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумысларын баслаў илажлары көрилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 23-сентябрьде шығарылған “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Нөкис қаласы аймағындағы 8 (“Исбилерменлер аймағы”, “Саманбай”, “Жасыл бағ”, “Ата мәкан”, “Қутлы мәкан”, “Шымбай гүзары”, “Бес төбе”, “Телеорай”) мәкан пуқаралар жыйынларында улыўма баҳасы 23,6 миллиард сумлық қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде 7 мәҳәлле аймағында халықты қыйнап киятырған қыйтақ жерлерди суўғарыў системаларын жаңадан қурыў арқалы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Соның нәтийжесинде аймақлардың қыйтақ жерлерин суўғарыў системаларындағы машқалалар унамлы шешимин таўып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары толық жуўмақланды ҳәм халыққа ағын суў жеткерип берилди. Буннан тысқары, бул аймақларда автомобиль жолларындағы кемшиликлер, электр энергиясын жақсылаў (СИП кабельлерин тартыў), трансформаторлар орнатыў ҳәм басқа да жумысларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 30-декабрьдеги “Республикада көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклерди қорғаўды және де нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, қаламызда усы жылдың бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары тийкарында 650 мың саяманлы, мийўели терек ҳәм басқа да нәллер егиў бойынша жумыс-режелер белгилеп алынды. Соннан бәҳәр мәўсиминде жойбар тийкарында 400 мың түп терек нәли егилди ҳәм бул жумысларды әмелге асырыў ушын 123,8 гектар (104 контур) жер майданы таңлап алынды. Бүгинги күн жағдайына бола, 413 мыңнан аслам терек нәли егилди ҳәм қаламыз аймағына кирип келиўши жоллар, ишки жоллар бойлап терек нәллерин егиў, егилген терек нәллерине форма бериў, ақлаў, салмаларды тазалаў жумыслары әмелге асырылды.
Қаламыздың экологиялық жағдайын жақсылаў мақсетинде Абаданластырыў басқармасы ҳәм Тоғай хожалығы тәрепинен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары тийкарында нәллерди егиў ҳәм оларды жеткерип бериў ушын нәлханаларда (питомник) саяманлы, мийўели терек нәллери жетистирилмекте. Сондай-ақ, “Наўқан бағ” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан нәлхана шөлкемлестириў ушын 1,5 гектар жер майданы ажыратылады. Соның менен бир қатарда, усы жыл даўамында “Боз аўыл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан “Ҳәкимлик бағы”н қурыў ушын 1, “Телеорай” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан “Жасыл жәмийетлик парк”ти қурыў ушын 7, сондай-ақ, усы мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан “Мениң бағым” бағын қурыў ушын 2,5 гектар жер майданлары таңлап алынды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиӊ инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, Нөкис қаласында да шараяты аўыр шаңарақлар ҳәм пуқараларды қоллап-қуўатлаў және мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 2 мың 894 турақ жайдың төбесин оңлаў (жабыў) ҳәм 32 турақ жайды жаңадан қурыў жумыслары белгилеп берилген. Бул дизимге киргизилгенлер ишинен оңлаўға ең мүтәж деп табылған 478 турақ жайдан 438 иниң төбесин оңлаў, жасаў ушын жарамсыз ҳәм авариялық жағдайдағы 32 турақ жайды жаңадан қурып бериў жумыслары әмелге асырылды.
Ҳәзирги күнде кәмбағаллықтан шығарылған шаңарақлар 585 ти, халықтың саны 2052 адамды қурайды. 2025-жылдың 1-январына шекем кәмбағал шаңарақлар 6,6 мың шаңарақ, кәмбағаллық дәрежеси 8,7 процентти қураған болса, 2025-жылдың 1-июль жағдайына бола, кәмбағал шаңарақлар 5,4 мың, кәмбағаллық дәрежеси 6,1 процентти қурады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 12-февралындағы “2025-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 20 мың 187 жумыс орны, соннан инвестициялық жойбарларды иске қосыў есабынан 1 мың 711, исбилерменликти раўажландырыў есабынан 16 мың 861, аўыл хожалығында 326, қурылыс тараўында 1 мың 289 жумыс орынлары белгиленген. 6 айдың жуўмағы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режеси 155,1 процентке орынланып, 17 мың 290 жумыс орны жаратылды.
Усы дәўир даўамында 714 жумыссыз жастың бәнтлиги тәмийинленди, 553 жасқа “Жаслар дәптери” арқалы социаллық-экономикалық жәрдем көрсетилди. 143 и заманагөй кәсип, IT ҳәм шет тиллерине оқытылды, 238 жас кәсип-өнерге оқытылды, сондай-ақ, 27 мыңнан асламы “Бес баслама олимпиадасы” шеңбериндеги таңлаў ҳәм спорт жарысларына тартылды.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, байрамды мүнәсип күтип алыў бойынша абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары баслап жиберилди. Мәҳәллелерде, мийнет жәмәәтлеринде ҳәм оқыў орынларында “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген ҳәр қыйлы илажлар, таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары өткерилмекте.
Абатбай Данияров,
Нөкис қаласы ҳәкими,
Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА
















