“Коррупциясыз тараў” жойбарының орынланыўы додаланды

221

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде коррупцияға бейим лаўазымлардың дизимин қәлиплестириў ҳәм усы лаўазымларда ислейтуғын шахсларды ҳәр 3 жылда ротациялаў тәртиби ислеп шығылады. Бул ҳаққында “Коррупциясыз тараў” жойбарының орынланыўын додалаўға байланыслы илаж өткерилди, деп хабар бермекте senat.uz.

«Додалаўда жойбар шеңберинде “Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы” (HEMIS) енгизилип, 35 түрдеги мағлыўматлар санластырылды.

my.edu.uz ҳәм my.uzbmb.uz мәлимлеме системаларының енгизилиўи нәтийжесинде абитуриентлердиң ўақтын үнемлеў, қәрежетлерин қысқартыў ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықлардың алдын алыўға ерисилди. Кириў имтиханларының онлайн трансляциясы жолға қойылды.

Додалаўда бул унамлы жумыслар тән алыныўы менен бир қатарда жойбарды әмелге асырыўда бақланып атырған айырым кемшиликлерди сапластырыў бойынша өз-ара бирге ислесиўдеги ўазыйпалар да белгилеп алынды.

Соның ишинде, жоқары билимлендириў мәкемелеринде коррупцияға бейим лаўазымлардың дизимин қәлиплестириў ҳәм усы лаўазымларда ислейтуғын шахсларды ҳәр 3 жылда ротациялаў тәртиби ислеп шығылады.

Барлық билимлендириў мәкемелеринде төменги ҳәм орта буўындағы бос лаўазымларға ашық таңлаў системасы әмелиятқа енгизиледи ҳәм билимлендириў мәкемелериндеги бос жумыс орынлары ушын “vacancy.edu.uz” платформасы арқалы онлайн ҳүжжет тапсырыў процеси қатаң қадағалаўға алынады.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң “комплаенс-қадағалаў” структураларының хызметкерлерин ректорлар қарамағынан шығарып, тиккелей министрликке бойсындырыў әмелияты жолға қойылады.

Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында сатып алыў қатнасыўшыларын тексериў ҳәм баҳалаў нәтийжелилиги арттырылады.

Додалаў даўамында жуўапкерлерге бир қатар әмелий усыныс ҳәм көрсетпелер берилди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги