Өзбекстанда онкологиялық сүйек кеселликлери бойынша жаңалық жолға қойылды

104

Дизениң остеосаркомасы менен аўырған 13 ҳәм 14 жастағы қызларда органларды сақлаўшы, жоқары дәрежеде терапевтикалық тәсир көрсететуғын сийрек ушырасатуғын еки операция исленди.

Өзбекстанда биринши рет онкологиялық сүйек кеселликлеринде инвазив емес дизениң эндопротезлерин орнатыў жолға қойылды. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

“Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўға қаратылып атырған жоқары итибардың нәтийжесинде бүгин елимизде бул бағдарда медициналық хызметлердиң сапасы пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди,” – дейди Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайының баслығы Жамила Пўлатова.

Атап өтилгениндей, мәкемеде жаңа түрдеги көплеген емлеў усыллары әмелиятқа енгизилмекте. Соның ишинде, Өзбекстанда биринши рет онкологиялық сүйек кеселликлерине шатылған балаларға инвазив емес дизелер эндопротезлерин орнатыў жолға қойылды.

Онда дизениң остеосаркомасы менен кеселленген 13 ҳәм 14 жастағы қызларда органларды сақлаўшы, жоқары дәрежеде терапевтикалық тәсир көрсететуғын сийрек ушырасатуғын еки операция исленди.

Сондай-ақ, усы жылдың өткен дәўиринде россиялы жетекши қәниге Константин Рябов пенен биргеликте гепатоселлюлар баўыр раги диагнозы қойылған наўқас балада оғада қурамалы хирургиялық операция әмелге асырылды.

Буннан тысқары, мәкемениң аймақлық филиалларында бир қатар жаңа емлеў ҳәм диагностика усыллары әмелиятқа енгизилди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги