Таллаўлар орайлары ҳәм ҒХҚ арасында мәлимлеме бирге ислесиўин раўажландырыў жолында

106

Қытайдың Чжэнчжоу қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер таллаў орайлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң форумы болып өтти.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммити алдынан мине, усындай әҳмийетли илажлар, сөйлесиўлер даўам етпекте.

Гезектеги форумда тек ғана ШБШға ағза мәмлекетлер емес, ал бақлаўшы статусындағы мәмлекетлерден де сиясатшылар, экономистлер, халықаралық қатнасықлар тараўындағы қәнигелер қатнасты.

Форум Қытайдың “Синьхуа” мәлимлеме агентлиги, Қытай социаллық илимлер академиясы, Хэнань ўәлаяты ҳәкимшилиги ҳәм басқа да медиа топарлар менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде бир қатар мәжилислер болып өтти. Қатнасыўшылар геосиясий өзгерислер шараятында ШБШ шеңбериндеги перспективалы бирге ислесиў векторларын таллаў, саўда-экономикалық байланысларды күшейтиў, таллаў орайлары ҳәм ҒХҚ арасындағы мәлимлеме бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша пикир алысты.

Бул форумда Өзбекстаннан ШБШ Халық дипломатиясы орайының директоры Қобилжан Собиров та қатнасты.

ШБШның дүзилиў тарийхы, соңғы 24 жылда ерисилген жетискенликлер, шөлкемниң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары, сондай-ақ, оның халықаралық майдандағы абырайы ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, ШБШ шеңберинде халық дипломатиясының орны ҳәм оның шөлкем мақсетлерине ерисиўдеги потенциалы айрықша атап өтилди.

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы