“Исбилермен ҳаял – 2025” таңлаўының үш райондағы жеңимпазлары анықланды

135

Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап өткерилиўи дәстүрге айланған “Исбилермен ҳаял – 2025” таңлаўының қала ҳәм районлық басқышлары өткерилмекте.

 Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм абырайы жыл сайын беккемленбекте. Олардың белсендилигин күшейтиў, исбилерменлик потенциалын жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатланып атырған ҳаял-қызлардың өз жолын табыўы, исбилерменлик жумысын баслап, басқаларға да жол көрсетиўи әмелдеги реформалардың нәтийжеси болып есапланады. Бүгин исбилермен ҳаял-қызлар тек ғана өз шаңарағының емес, ал пүткил жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосып атырған үлкен күшке айланбақта.

Мине, усындай ийгиликли мақсетлердиң әмелий көриниси сыпатында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Әмиўдәрья районлық Кеңеси тәрепинен Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте “Исбилермен ҳаял – 2025” таңлаўының районлық басқышы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.

Бул таңлаў ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, мәмлекеттиң раўажланыўындағы орны ҳәм жуўапкершилигин күшейтиўде әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарады.

Таңлаўда район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Сабурова, партияның районлық Кеңесиниң баслығы Я.Аҳмедов, сондай-ақ, партиядан районлық Кеңеске сайланған депутатлар М.Казаков ҳәм М.Раҳматуллаева ҳәм райондағы жетекши исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.

Илаж даўамында ҳаял-қызлардың экономикалық-социаллық процесслердеги орны, белсендилиги, интакерлиги айрықша атап өтилди. Ҳақыйқатында да, ҳаял-қызлардың исбилерменликке тартылыўы шаңарақ дәраматын арттырады, перзентлердиң билим алыўы ҳәм денсаўлығына, жасаў дәрежесине унамлы тәсир көрсетеди, кәмбағаллықты азайтыўға хызмет етеди.

Таңлаў шеңберинде исбилермен, интакер ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көргизбеси де шөлкемлестирилди. Онда исбилермен, өнермент ҳәм қыйтақ жер ийелери өз өнимлерин көрсетти. Жергиликли исбилерменлер тәрепинен таярланған брендлер, тоқымашылық, көркем безеў өнери, аўыл хожалығы өнимлери, қол мийнети буйымлары ҳәм миллий дәстүрлерди сәўлелендиретуғын өнерментшилик үлгилери қатнасыўшылар ҳәм мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Әсиресе, көргизбеде миллий образлар сәўлеленген қуўыршақлар, жумсақ ойыншықлар, естелик саўғалары, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик өнимлери, ҳәр қыйлы нан ҳәм нан өнимлери, үй-руўзыгершилик буйымлары кеңнен көрсетилди.

Бүгинги күнде Әмиўдәрья районында 70 тен аслам исбилермен ҳаял-қызлар ҳәр қыйлы бағдарларда жумыс алып бармақта. Таңлаўда 30 интакер ҳәм белсенди исбилермен ҳаял-қыз қатнасты. Олардың арасында “Ҳаял-қызлар дәптери”нде турып, мәмлекет тәрепинен көрсетилген жәрдем арқалы өз исбилерменлигин баслаған, басқа ҳаял-қызларға өнер үйретип атырған, олардың экономикалық еркинлигине жәрдем берип атырған ҳаял-қызлар бар екенлиги айрықша атап өтилди.

– Бул таңлаўға “Ҳаял-қызлар дәптери”нде турған, материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде өзиниң исбилерменлик жумысын жолға қойып, басқаларға да өнер үйретиў арқалы жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосып атырған ҳаял-қызлар қатнаспақта,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары Гўзал Сабурова. – Бул – елимизде ҳаял-қызларға қаратылған итибар ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың айқын нәтийжеси.

Таңлаўды баҳалаў процесинде төрешилер қурамы тәрепинен белгиленген нормалар тийкарында исбилермен ҳаял-қызлардың жумысы қалыс баҳаланды. Әсиресе, жаңа жумыс орнын жаратыў, “Ҳаял-қызлар дәптери”ндеги ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, бизнесин экспортқа бағдарлаў сыяқлы факторлар әҳмийетли норма сыпатында көрилди.

Таңлаўда қатнасқан ҳәр бир ҳаял-қыз өзиниң әмелий қолланбалары, жетискенликлери, жаңа идеялары ҳәм келешектеги режелерин усынды. Нәтийжелерге бола, Дилдора Хайтбаева сыйлы 1-орынды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды. 2-орынға Толғаной Худайбергенова ҳәм Малика Худайбергенова мүнәсип деп табылды. Ал 3-орын Фатима Давлетова, Нилуфар Хўжаниёзова ҳәм Саида Есенбаеваларға несип етти.

Таңлаў жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Әмиўдәря районлық Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, бир топар белсенди исбилермен ҳаял-қызлар “Алғыснама”лар менен сыйлықланды.

“Исбилермен ҳаял – 2025” таңлаўының районлық басқышы Қанликөл районында да өткерилди.

Өткерилген таңлаў даўамында қатнасыўшылар киши бизнес, шаңарақлық исбилерменлик, хызмет көрсетиў ҳәм өнерментшилик тараўларындағы ис-тәжирийбеси бойынша өз-ара беллести ҳәм инновациялық пикирлеўи ҳәм жетекшилик қәбилетлерин сынап көрди.

Таңлаў жуўмағында Гулайым Қалбаева 1-орынды ийелеп, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды. Сондай-ақ, таңлаўда 2-орынды Б.Салтанатова, 3-орынды Т.Тагабергеновалар ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаўдың Елликқала районлық басқышында исбилермен ҳаял-қызлардың жумыслары, алдағы режелери ҳәм мақсетлери жақыннан үйренилип, сәўбетлесип, олардың жумысына баҳа берилди.

Таңлаў нәтийжелерине муўапық, «Сахтиён» мәҳәллесинен ун өнимлеринен 20 дан аслам нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарып атырған ҳәм бүгинги күнде социаллық реестрде турған 10 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеген исбилермен Манзура Джуматова 1-орынды ийелеп, усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди. Сондай-ақ, «Чўпон» мәҳәллесинен салат ҳәм дузламаларды таярлаў менен шуғылланып атырған исбилермен Фазилат Қурбонова 2-орынды, «Қошкўра» мәҳәллесинен миллий тағыншақ ҳәм зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилермен ҳаял Ирода Отажонова 3-орынды ийеледи. Таңлаў жуўмағында барлық қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Әлбетте, бундай таңлаўлар ҳаял-қызларымыздың өзине болған исенимин және де беккемлеў, жәмийетлик турмыстағы орнын және де күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.