Халықтың 88 проценти коммуналлық төлемлерди мобиль қосымшалар арқалы әмелге асырмақта

105

Орайлық банк тәрепинен усы жылдың июнь айында Өзбекстан халқы арасында нақ пул айланысы ҳәм нақ есап-санақлар жағдайы бойынша электрон сораўнама өткерилген.

Бул сораўнамада 14 259 респондент қатнасып, олардың 52 процентин мәмлекетлик хызметкерлер, 19 процентин жеке меншик сектор ўәкиллери, 17 процентин бюджет шөлкемлериниң хызметкерлери қураған.

Анықланған нәтийжелерге бола, бүгинги күнде күнделикли төлемлерди тийкарынан нақ пулда әмелге асыратуғынлар – 15%, банк картасы арқалы төлейтуғынлар – 33%, еки формадағы пайдаланыўшылар – 52% ти қурамақта.

Бир мәртелик нақ пул сатып алыўлары тийкарынан 100-500 мың сум аралығында (47 процент) әмелге асырылады. 35% респондент болса 100 мың сумға шекем, 12% – 500 мың сумнан 1 млн. сумға шекем ҳәм 6% – 1 млн. сумнан артық сатып алады.

Нақ пулдан пайдаланыў себеплери арасында дийқан базарларында сатып алыў (56%), тез ҳәм қәўипсиз есап-санақ етиў (17%), баҳаның арзанлығы (13%) үстинлик етти.

Нақ пулда есап-санақ талап етиў жағдайлары Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында көбирек ушырасады.

Төлем терминалларының жоқлығы ямаса ислемеўи болса тийкарынан Ташкент қаласында атап өтилген.

Соның менен бирге, нәтийжелер айланыста 10 000, 50 000, 5 000, 100 000 ҳәм 20 000 сумлық банкнотларға талап жоқары екенин, атап айтқанда, 10 000 сумлық банкнотларға Қарақалпақстанда, 20 000 сумлықларға болса Әндижанда талап салыстырмалы жоқары екенин көрсеткен.

Банкоматларда 50 000 сумлық банкнотлар көбирек болыўын 25% респондент қәлесе, 100 000 сумлықты – 22%, 10 000 сумлықты – 16% ҳәм 20 000 сумлықты – 14% респондент мақул көрген.

Банкноттың ҳақыйқый екенлигин анықлаўда көпшилик қорғаў жипин (31%), бөртип турыўшы сүўретлерди (28%) ҳәм реңин өзгертиўши бояўлар менен басылған сүўретлерди (26%) тексеретуғынын билдирген.

Киши номиналдағы пулларға болса 41% респондент зәрүрлик төмен екенин, 31% – жоқ екенин билдирген.

Дүканларда қайтым пулларын турақлы алыўшылар – 65%, гейде арзан товарга алмастырыўшылар – 17%, бәрқулла солай етиўшилер – 14% ти қураган.

Сондай-ақ, мийнет ҳақының 87% банк карталары арқалы, 7% нақ ҳәм картада, 6% болса нақ пулда бериледи.

Нақ пул шешип алыў жийилиги болса айына 1-2 мәрте – 42%, 3-4 мәрте – 35%, 5 ҳәм оннан көп – 23%.

Банкоматлардан наразылық: 62% – шағым жоқ, 18% – үзилислер аз жағдайларда, 20% – нақ пул тез таўсылып қалыўы ямаса керекли номинал жоқ.

Қорды қәлиплестириў: 23% нақ пулда, 23% банк картасында, 20% аманат есап бетинде, 34% қоры жоқ.

Аманатларды қәлиплестириў усылы: 36% нақ пул менен банкке барып, 29% картадан, 35% мобиль қосымшалар арқалы.

Мобиль қосимшалар арқалы аманатлардан пайдаланыў дәрежеси: 49% пайдаланады, 37% биледи бирақ пайдаланбайды, 10% билмейди, 4% болса биледи бирақ әмелге асырыўды билмейди.

Коммуналлық төлемлерди халықтың 88%и мобиль қосымшалар арқалы әмелге асырады.

Сораўнама нәтийжелери халықтың нақ пул ҳәм электрон төлемлерге болған талабының аймақлар кесиминде ҳәр қыйлы екенлигин көрсетеди. Сондай-ақ, ғалаба түрде мобиль қосымшалардан пайдаланыў тенденциясы күшейип атырғанын көриў мүмкин.

М.Ешмирзаева, ӨзА