Жалпы ишки өним 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7,2 процентке өсти

114

Миллий статистика комитетиниң дәслепки мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан Республикасы жалпы ишки өниминиң (ЖИМ) көлеми ағымдағы баҳаларда 807 937,1 миллиард сумды қурады ҳәм 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7,2 процентке өсти.

Санаат тармағының өсиўи болса 6,6 процентти қурады ҳәм ЖИӨ өсиўине унамлы үлеси 1,6 процентти қурады.

Сондай-ақ, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығының өсиўи 4 процентти қурады.

Қурылыс жумыслары көлеминиң өсиўи 10,7 процент болған болса, қурылыс тармағының ЖИӨ өсиўине унамлы үлеси 0,8 процент көринисин алды.

Соның менен бирге, хызметлер көрсетиў тараўында өсиў пәти 8,2 процентти қурады. Соннан саўда, жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер 10,2 процентке, тасыў ҳәм сақлаў, мәлимлеме ҳәм байланыс 14,7 процентке ҳәм басқа да хызмет тараўлары 5,7 процентке өсти. Хызметлер тараўының ЖИӨ өсиўине унамлы үлеси 4,0 процентти қурады.

Өнимлерге таза салықлар көлеми 6,5 процентке өсти ҳәм оның ЖИӨ өсиўине унамлы үлеси 0,2 процентти көрсетти.

Гулноза Бобоева, ӨзА