Россия-Украина келиспеўшилиги: өз-ара дрон ҳүжимлери ақыбетинде бес адам қайтыс болды

Бүгин Россия ҳәм Украина арасындағы ҳаўа ҳүжимлеринде жәми бес адам қайтыс болды, деп жазбақта “BBC” басылымы.
Рәсмий Киев РФ тәрепинен 200 ден аслам дрон ҳәм 30 ға шамалас ракета ушырылғанын, олардың көпшилиги Днепропетровскке қаратылғаны ҳәм ҳүжимлер ақыбетинде үш адам қайтыс болғанын мәлим етти.
Россияның Ростов ўәлаяты губернаторының сөзлерине бола, Украина ушыўшысыз самолётының ҳүжими артынан бул аймақта көплеген автомобильлер жанып кеткен ҳәм еки адам қайтыс болған.

Сондай-ақ, бүгин Россия Қорғаныў министрлиги Донецк ўәлаятындағы “Зелений Хай” ҳәм Днепропетровск ўәлаятындағы “Маливка” аўылларын ийелеп алғанын билдирди.
– Биз россиялы әскерлердиң Суми ўәлаятына тереңирек кирип барыўына турақлы түрде тосқынлық етип атырмыз, – деди Украина жетекшиси.
Сондай-ақ, Зеленский усы ҳәпте ишинде Донецктиң Покровск аймағында “51 жедел жаўынгерлик ҳәрекетлер” болып өткенин ҳәм ол жерде әскерлер позицияларды мүнәсип қорғап атырғанын айтты.

Бизге белгили, Россия – Украина арасында оқ атыўды тоқтатыў бойынша сөйлесиўлердиң дәслепки еки раунды АҚШ президенти Дональд Трамптың өтинишине бола май ҳәм июнь айларында өткерилген еди.
Тилекке қарсы, ҳәптениң басында Стамбулда оқ атыўды тоқтатыў бойынша қысқа сөйлесиўлердиң үшинши раунды болып өткенине қарамастан, ҳәр еки тәреп және дрон ҳүжимлерин шөлкемлестириўди даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги