Өзбекстан бойынша жоқары билимлендириўде оқыўды көшириў қағыйдалары

191

  1. Мәмлекетлик ЖООдан басқа мәмлекетлик ЖООға көшириў тек ғана төмендеги жағдайларда руқсат етиледи:

– Студент өмирлик жолдасы жасайтуғын аймақтағы ЖООға көшиўи; Мәмлекетлик хызметкер жумыс себепли басқа аймаққа көшип өтсе ҳәм шаңарақ ағзалары оқыўын усы жерге көшириўди қәлесе (жумысқа кирген министрликтиң хаты менен).

Басқа жағдайларда мәмлекетлик ЖООлар арасында көшириў мүмкин емес.

  1. Сырт елден Өзбекстан ЖООларына көшириў.

Сәйкес яки түрлес бағдарда тест яки дөретиўшилик имтихан тапсырыў баллы талап етиледи; Өтиў баллары 2023-жылға муўапық;

– Егер балл жетпесе, супер-контракт тийкарында көшириў мүмкин; Сәйкес емес бағдарға көшириўге руқсат жоқ.

Өзбекстандағы сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООларынан мәмлекетлик ЖООларына көшириў;

– Тест яки дөретиўшилик имтихан менен, өтиў баллары 2023-жылға муўапық;

Супер-контракт тийкарында руқсат бериледи; Қолайлы болмаған бағдарларда да супер-контракт пенен көшириў мүмкин.

  1. Мәмлекетлик ЖООдан мәмлекетлик емес ЖООға, мәмлекетлик емес ЖООдан мәмлекетлик емес ЖООға ҳәм сырт елден мәмлекетлик емес ЖООға көшириў тәртиби мәмлекет қадағалаўынан сыртта болып, ҳәр бир ЖОО өз қағыйдаларына бола шешеди.
  2. Бир мәмлекет ЖОО ишинде бағдар яки факультетти өзгертиў.

– Тек ғана ректор қарары менен;

Арза ректор атына жазылады; Онлайн системалар арқалы емес.

  1. Бир ЖОО ишинде билимлендириў түрин яки тилин өзгертиў.

– ЖОО админстрациясы қарары тийкарында;

Имканиятлар ҳәм талаплар есапқа алынады.

Арзаларды қабыллаў:

15-июльдан 5-августқа шекем Transfer.edu.uz – ЖООлараралық көшириў ушын.

My.uzbmb.uz – Сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардан мәмлекетлик ЖООларға көшириў ушын Ректор атына жазба арза – Ишки өзгерислер ушын

Керекли ҳүжжетлер:

Арза (онлайн яки жазба);

Транскрипт яки рейтинг;

Академиялық мағлыўматнама (оқыўды қайта тиклеўшилер ушын).

                               ӨзА