Президент ҳәм ҳүкимет ҳүжжетлериниң орынланыўын қадағалаў басқармасы шөлкемлестириледи

96

Атқарыў тәртибин нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик уйымлар басшыларының жуўапкершилиги және де арттырылады.

“Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыў тәртибин буннан былай да беккемлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы менен 2025-жыл 1-сентябрьден баслап:

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыў тәртибине жуўапкер структуралық бөлимлер өз алдына структура сыпатында тиккелей биринши басшылардың бойсыныўына өткериледи;

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң атқарыў тәртибине жуўапкер структурасы хызметкерлериниң Есап палатасы, Министрлер Кабинети ҳәм Әдиллик министрлигинде реже-кесте тийкарында ҳәр үш жылда бир мәрте маманлығын арттырыў әмелияты жолға қойылады.

Министрлер Кабинети қарарларының орынланыўын қадағалаў бойынша жаңа тәртип енгизилиўи мүнәсибети менен;

Әдиллик министрлиги орайлық аппаратының структурасында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын қадағалаў басқармасы негизинде 20 штат бирлигинен ибарат Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимет ҳүжжетлери орынланыўын қадағалаў басқармасы шөлкемлестириледи.

Есап палатасы, Министрлер Кабинети ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыў жағдайын баҳалаў әмелияты енгизиледи,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги