2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларында минимал өтиў балы өзгериссиз қалды

185

Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколы менен республика жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант бойынша минимал өтиў балы – 68,0 балл (максимал 189 баллдың 36%), төлемли-контракт бойынша минимал өтиў балы – 56,7 балл (максимал 189 баллдың 30%) етип белгиленди.

Кириў имтиханлары (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан, тест сынақлары) нәтийжелерине бола, бир бакалавриат тәлим бағдары (тәлим түри ҳәм тәлим тилин есапқа алған ҳалда) бойынша ақырғы қабыллаў орны ушын еки ямаса оннан артық абитуриенттиң топлаған улыўма баллары тең болып қалғанда, усы тең балы бар абитуриентлердиң барлығы усы бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес түрде мәмлекетлик грант ямаса төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етиледи.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА