Энергетика министрлиги: Мойнақтағы қудықтан газ шығыў жағдайы халық ушын қәўип туўдырмайды

Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң рәсмий билдириўинше, быйыл 26-июль күни Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында жайласқан “Үшсай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Мойнақ” кән майданында алып барылып атырған бурғылаў жумыслары даўамында 5000 метр тереңликке мөлшерленген 1-санлы қудықта 4707 метр тереңликтен газ шығыўы бақланған.
Бул қудық ҳәзирги күнде бурғылаў басланған биринши объект болып есапланады. Газ басымы күтилген дәрежеден жоқары болғанлығы себепли, барлық қәўипсизлик қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда қудықты ликвидциялаў ҳәм басымды төменлетиў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.
Ўақыя жүз бергеннен-ақ “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы басшылығындағы жуўапкерлер, соның ишинде, усы шөлкем қурамындағы “Ашық нефть ҳәм газ фонтанларының алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша Өзбекстан әскерийлестирилген бөлиминиң Орайлық әскерийлестирилген қадағалаў отряды,” Айрықша жағдайлар министрлиги, “Өзбекгеофизика” АЖ ҳәм жергиликли ҳәкимият жуўапкерлери ўақыя орнына жетип барып, қадағалаўды тәмийинлеген.
Итибарлы тәрепи, газ шыққан қудық халық жасайтуғын орынлардан әдеўир узақта жайласқан болып, оннан ажыралған газ қурамында инсан денсаўлығына зыян келтиретуғын элементлер жоқ. Газ таза метан есапланады.
Соны атап өтиў керек, Үстирт регионындағы кәнлерден алынатуғын тәбийғый газ қурамында күкирт элементи ушыраспайды.
Ҳәзирги ўақытта жағдайды сапластырыў процесинде белсене қатнасып атырған қәнигелердиң денсаўлығын қорғаў, сондай-ақ, қоршаған орталық ҳәм ҳайўанат дүньясына зыян жеткермеў мақсетинде газ арнаўлы қадағалаў астында жағып қойылған.
Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким дене жарақатын алмаған. Сол себепли, халықтан артықша ўайымға түспеўи соралады.
Жағдай бойынша қосымша мағлыўмат бериледи, делинеди министрликтиң мәлимлемесинде.
ӨзА