Нөкисте «Ана ҳәм бала» клиникасы қурылмақта
Нөкис қаласының орайында ана ҳәм бала саламатлығы ушын мөлшерленген жаңа заманагөй клиниканың қурылысы жедел пәтлерде даўам етпекте. Бул ири жойбар Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Шейх Халифа» қайырқомлық қоры тәрепинен қаржыландырылмақта ҳәм улыўма баҳасы 28 миллион долларды қурайды.
Жуўапкер хызметкерлердиң атап өтиўинше, жойбар усы жылдың ақырында толық жуўмақланыўы режелестирилген. Жаңа клиника иске қосылғаннан соң, ана ҳәм балаларға медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги және де артады.
Клиникада туўыў процеси, жаңа туўылған балаларға қараў, перинатал хызметлер, сондай-ақ, диагностикалық ҳәм поликлиникалық жәрдем сыяқлы бир қатар медициналық хызметлер толық жолға қойылады. Барлық медициналық әсбап-үскенелер «Шайх Халифа» қоры тәрепинен бийпул жеткерип бериледи.
Сондай-ақ, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси қурамындағы туўыў бөлими жаңа клиникаға көшириледи. Поликлиника ҳәм диагностика бөлиминде жумыс алып барған тәжирийбели шыпакерлер де усы орайда жумыс баслайды.
Бул жойбар тек ғана техникалық жақтан жоқары стандартларға жуўап берип қоймастан, ал халықтың саламатлығын тәмийинлеўде де әҳмийетли қәдем болады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы