Қызғын қутлықлаўлар

75

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни бир қатар сырт мәмлекетлердиң жетекшилери ҳәм абырайлы сиясатшылар менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўлер даўамында сырт елли бирге ислесиўшилер мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда жаңа табыслар тиледи. Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң көп миллетли халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўде жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәтин сақлап қалыў, жетекши кәрхана ҳәм компаниялардың санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа тийкарғы бағдарлардағы кооперация жойбарларын алға қойыў, еки мәмлекет аймақларының нәтийжели бирге ислесиўин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери болажақ илажлар режесин де көрип шықты.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев бенен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў пәти артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта. Металлургия, тоқымашылық, аўыл хожалығы, логистика, қурылыс ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Халықаралық санаат кооперациясы орайын иске қосыўға таярлық көрилмекте.

Усы жылы бир қатар мәдений-гуманитарлық илажлар, соның ишинде, жаслар, туризм ҳәм билимлендириў форумлары өткериледи.

Мәмлекет басшылары болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режесин де көрип шықты.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен сөйлесиўде Өзбекстан-Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Өз-ара саўда көлеми жедел артпақта, санаат кооперациясы жойбарлары, соның ишинде, Биргеликтеги фонд шеңберинде әмелге асырылмақта. “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭСин қурыў сыяқлы ири регионаллық инфраструктуралық жойбарлар бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.

Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси ҳәм күн тәртиби бойынша да пикир алысты.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, бәринен бурын, жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара саўда көлеми артып атырғаны, экономиканың түрли тармақларында, соның ишинде, биргеликтеги инвестициялық компания арқалы кооперациялық жойбарлар алға қойылып атырғаны атап өтилди. Шегара алды саўда орайларын ашыў үстинде жумыс алып барылмақта. Самарқанд ҳәм Душанбе қалалары арасында тиккелей авиақатнаўлар тикленди. Әҳмийетли мәдений бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Жетекшилер регионаллық күн тәртибиндеги мәселелерди, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриўди де додалады.

Түркмен халқының миллий жетекшиси , Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов бенен сөйлесиўде быйыл апрель айында Самарқанд қаласында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў жедел артып, кәрханалар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде кооперация байланыслары тереңлесип баратырғаны, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў даўам етип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе байланыслы мәселелер, соның ишинде БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша пикир алысты.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен Өзбекстан Президентиниң усы айдыӊ басында Әзербайжанға әмелге асырған тарийхый мәмлекетлик сапарының пайдалы нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жетекшилердиң болып өткен ушырасыўлары ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисиниң жуўмағында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы Өзбекстан – Әзербайжан аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 30 процентке артты. Санаат зонасы ҳәм логистика компаниясын шөлкемлестириўди өз ишине алған перспективалы кооперациялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў үстинде жумыс алып барылмақта. Нефть-газ тараўындағы стратегиялық жойбар бойынша Өнимди бөлистириўге байланыслы келисимге қол қойылды.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў шеңберинде ири биргеликтеги илажларға таярлық көрилмекте.

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Беларусь Президентиниң өткен жыл февраль айындағы Өзбекстанға сапары даўамында ерисилген келисимлерди қабыл етилген «жол картасы» тийкарында әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер, соның ишинде, жақында Минск қаласында өткен Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм Ташкент қаласында болып өткен сыртқы ислер министрлери ушырасыўының пайдалы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жылдың басынан товар алмасыў 28 процентке артты. Аўыл хожалығы, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Биргеликте мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте.

Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери болажақ еки тәреплеме илажлардың режесин де додалады.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Мәмлекетлераралық бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәр қыйлы дәрежелерде нәтийжели сөйлесиўлер даўам етпекте, товар ҳәм жүк алмасыў, инвестиция көрсеткишлери өспекте, биргеликтеги кәрханалардың саны ҳәм авиақатнаўлар көбеймекте. Мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте.

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери телефон арқалы сөйлесиўде жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң болажақ гезектеги мәжилисине пуқта таярлық көриўге айрықша итибар қаратты.

Регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён менен сөйлесиўде Өзбекстан – Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Тарийхый дослық байланыслары, уқсас менталитет, дәстүр ҳәм қәдириятларға тийкарланған еки тәреплеме байланыслар избе-из раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Соңғы жылларда өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери ҳәм биргеликтеги кәрханалардың саны турақлы артып бармақта. Корея компаниялары ҳәм шөлкемлериниң Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларының көлеми 8 миллиард доллардан артты.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги ҳәм Корея Эксимбанки менен нәтийжели финанслық-техникалық бирге ислесиў даўам етпекте.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме шерикликтиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Усы мәнисте, Сыртқы ислер министрлери стратегиялық қарым-қатнасы ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның болажақ мәжилислерин нәтийжели өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық бирге ислесиў, соның ишинде, “Орайлық Азия – Корея Республикасы” форматы шеңбериндеги мәселелер бойынша пикир алысты.

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух пенен  быйыл июнь айында Монголияға әмелге асырылған сапар шеңберинде өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлардың жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Қабыл етилген “жол картасы”н әмелге асырыў, шарўашылық, саўда, транспорт, санаат кооперациясы, кәншилик тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы шеңберинде режелестирилген илажларды өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян менен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан менен БАӘ арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, быйыл январь айында БАӘға әмелге асырылған  жоқары дәрежедеги сапарда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Тийкарғы бағдарларда, бәринен бурын, саўда-экономика, инвестиция, инновация ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында әмелий бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми, биргеликтеги инвестициялық жойбарлар портфели, қоспа кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны артып бармақта. Тығыз сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев пенен сөйлесиўде  Өзбекстан – Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени, көп тәреплемели бирге ислесиў барлық тийкарғы бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, соның ишинде, нәтийжели парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, санаат кооперациясы, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў бойынша жедел бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Санкт-Петербург қаласының губернаторы Александр Беглов пенен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан аймақларының Санкт-Петербург қаласы менен еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў, жаңа кооперациялық жойбарларды алға қойыў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириўге қаратылған биргеликтеги илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң туўылған күни мүнәсибети менен сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер, парламентлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер, жетекши сырт ел компанияларының басшылары, белгили жәмийетлик, дин ҳәм спорт ғайраткерлери, елимиздиң барлық аймақларынан ҳәм сырт елдеги ўатанласларымыздан қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Хатларда Өзбекстан Президенти басшылығында халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекеттиң турақлылығын ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў, оның халықаралық абырайын беккемлеўге қаратылған артқа қайтпайтуғын сиясий реформалар ҳәм социаллық-экономикалық жаңаланыўлар бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў бағдарында ерисилген жоқары нәтийжелер атап өтилген.

Президентимизге беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында жаңа табыслар, Өзбекстанның көп миллетли халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген.

 

***

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизди қызғын қутлықлайман.

Сиз халқыңыз арасында ҳәм халықаралық майданда жоқары абырай-мәртебеге ийе болғансыз. Сизиң басшылығыңызда Өзбекстан экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў жолынан исенимли алға илгерилемекте, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерде конструктивлик роль атқармақта.

Сиз жеке өзиңиз мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге үлкен үлес қосып атырсыз. Биз, әлбетте, Россия ҳәм Өзбекстанның дос халықларының абаданлығы жолында, регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мәплерин гөзлеп, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша бирге ислесиўди даўам еттиремиз.

Сизге шын жүректен беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызда табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир Путин,

Россия Федерациясы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен!

Жақында Астана қаласында болып өткен “Қытай – Орайлық Азия” екинши саммитинде Сиз бенен сөйлесиўлер өткерип, Қытай менен Өзбекстан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын ҳәр қандай шараятта да жаңа дәўирде раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын белгилеп алдық.

Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман ҳәм арамызда қәлиплескен нәтийжели әмелий байланыслар ҳәм дослықты жоқары қәдирлеймен. Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тяньцзинь саммитинде ҳәм Қытай халқының япон басқыншыларына қарсы урысындағы Жеңиси ҳәм Фашизмге қарсы жер жүзилик урыстағы Жеңисиниң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасып атырғаныңыз мүнәсибети менен Сизди Қытайда қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Сизге беккем денсаўлық ҳәм абаданлық тилеймен!

Си Цзиньпин,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

 

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларым ҳәм жақсы тилеклеримди қабыл етиң!

Сизиң мәмлекет басшысы сыпатындағы дөретиўшилик жумысыңыз Өзбекстанның жедел раўажланыўы, оның халықаралық абырайын беккемлеў ҳәм пуқаралардың абаданлығын арттырыўдың исенимли тийкары болды. Ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлей алатуғын басшылығыңыз астында мәмлекет кең көлемли реформалар жолынан исенимли алға бармақта.

Сизиң Қазақстан менен жақсы қоңсышылық ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге исенимли умтылысыңызды шын жүректен қәдирлеймен. Мәмлекетлеримиз арасында еки туўысқан халықтың бай тарийхый мийрасы, уқсас мәдений қәдириятларына сүйенген исенимли қатнасықлар орнатылған.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен еки тәреплеме бирге ислесиўде ерисилген жетискенликлерди және де көбейтетуғынымызға ҳәм Қазақстан- Тяньцзин -Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жаңа шеклерге алып шығатуғынымызға исенемен.

Бул қутлы күнде Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, шаңарақлық бахыт-ығбал, туўысқан өзбек халқының абаданлығы жолындағы жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.

Қызғын ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт Тоқаев,

Қазақстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди туўылған күниңиз бенен шын кеўилден қутлықлайман!

Сизиң узақты гөзлей алатуғын қатаң басшылығыңыз себепли Өзбекстан экономикалық, социаллық ҳәм сиясий тараўларда сезилерли өзгерислерге еристи, халықаралық майданда өз абырайын салмақлы дәрежеде беккемледи.

Сиз баслаған реформалар – мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын және де кең имканиятлар жаратыў, аймақларды раўажландырыў, қоңсы мәмлекетлер менен тығыз байланысларды беккемлеў өз нәтийжесин бермекте.

Басламаларыңыз ҳәм унамлы сиясатыңыз тек ғана туўысқан Өзбекстан халқына емес, ал пүткил Орайлық Азия регионына унамлы тәсир көрсетпекте.

Қырғыз Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў руўхын беккемлеўге қосып атырған жеке үлесиңиз ушын Сизге терең миннетдаршылық билдиремен.

Арамыздағы дослық қатнасықларымызды, ашық ҳәм исенимли сөйлесиўимизди де айрықша қәдирлеймен.

Туўысқан халықларымыз арасындағы тығыз ҳәм дослық қатнасықлар, сондай-ақ, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў буннан былай да избе-из беккемленип, раўажланып баратуғынына исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, узақ өмир, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли жумысыңызда тасқын табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм айдын келешек тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Садир Жапаров,

Қырғыз Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди туўылған күниңиз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман!

Әзиз достым, өмириңиздеги усы қутлы сәне мүнәсибети менен ең жақсы тилеклеримди қабыл етиң. Сизге беккем денсаўлық, шаңарақ ағзаларыңыз ҳәм жақынларыңыз дөгерегинде узақ ҳәм бахытлы өмир, сондай-ақ, таўсылмас күш-ғайрат ҳәм туўысқан Өзбекстан халқының раўажланыўы жолындағы барлық режелер менен басламаларды әмелге асырыўда үлкен табыслар тилеймен.

Бүгинги күнде жақын қоңсымыз – Өзбекстан Республикасы Сизиң салмақлы мәмлекетлик сиясатыңыз, стратегиялық прагматизм ҳәм сиясий узақты гөзлей алатуғын қәбилетиңиз себепли жедел раўажланып, өзиниң социаллық-экономикалық потенциалын да, халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин де избе-из беккемлеп атырғаны қуўанышлы.

Регионаллық бирге ислесиўди дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним сыяқлы беккем принциплер тийкарында раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге қосып атырған үлкен үлесиңизди жоқары қәдирлеймиз.

Тәжикстан ҳәм Өзбекстан халықларының тарийхый жақынлығынан күш алған дослық қатнасықлар ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиўди нәтийжели раўажландырыў бойынша Сиз бенен турақлы ҳәрекетлеримизди қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен. Усы мәнисте, мен терең исенимге тийкарланған жақын жеке қатнасықларымызға айрықша итибар қаратаман.

Бул қуўанышлы пурсаттан пайдаланып, Тәжикстан тәрепиниң мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық ҳәм аўқамласлық шерикликти еки ҳәм көп тәреплеме майданда буннан былай да беккемлеў бойынша тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўден ҳәр қашан мәпдар екенин атап өтпекшимен.

Шын жүректен ҳәм терең ҳүрмет пенен,

Эмомали Раҳмон,

Тәжикстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди туўылған күниңиз бенен шын кеўилден қутлықлайман!

Сизиң ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлей алатуғын басшылығыңызда Өзбекстан Республикасы және де үлкен табысларға ерисетуғынына беккем исенемен. Биз мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий дослық ҳәм стратегиялық қатнасықларды беккемлеўге қосып атырған жеке үлесиңизди жоқары қәдирлеймиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге үмит етемиз.

Бул қуўанышлы имканияттан пайдаланып, Сизге шын жүректен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақлық абаданлық ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызда жаңа табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық, турақлы раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар Бердимуҳамедов,

Түркменстан Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

 

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Сизиң узақты гөзлеген сиясатыңыз себепли бүгин Өзбекстан Республикасы турақлы социаллық-экономикалық раўажланыў жолынан исенимли бармақта, халықаралық майдандағы абырайын беккемлеп, өз халқының абаданлығын арттырмақта.

Түркменстан ҳәм Өзбекстан арасындағы туўысқанлық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық қатнасықларды раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосып атырған жеке үлесиңизди айрықша атап өтпекшимен. Көп тәреплемели  мәмлекетлераралық бирге ислесиўимиз буннан былай да халықларымыздың абаданлығы жолында табыслы раўажланып бара береди, деп исенемен.

Бул жағымлы имканияттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, шаңарақлық тынышлық ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық, раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули Бердимуҳамедов,

Түркмен халқының миллий жетекшиси,

Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы

 

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, әзиз туўысқаным!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллаўдан қуўанышлыман.

Сиз алып барып атырған узақты гөзлеген ҳәм терең ойланған сиясат себепли Өзбекстан Республикасы ҳәр тәреплеме раўажланып, барлық тараўларда салмақлы жетискенликлерге еристи, экономикалық потенциалын беккемлеп, халықаралық майданда үлкен абырай-мәртебеге ийе болды. Булардың барлығы Сизиң уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатындағы машақатлы жумысыңыз ҳәм тынымсыз хызметлериңиздиң тиккелей нәтийжеси болып есапланады. Туўысқан Өзбекстан Сизиң исенимли басшылығыңызда жылдан-жылға жаңа табысларға ерисип, дүнья көлеминде салмақлы жетискенликлерди қолға киргизип атырғаны бизди шын жүректен қуўандырады ҳәм мақтаныш етеди.

Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы халықларымыздың туўысқанлығы, тарийхы ҳәм миллий-мәдений қәдириятларына тийкарланған көп тәреплемели байланыслардың бүгинги жоқары дәрежеге көтерилиўинде жеке өзиңиз үлкен роль атқардыңыз. Сизиң мәмлекетлеримиздиң аўызбиршилиги ҳәм аўқамласлығы жолындағы исенимли ҳәм пидәкерлик жумысыңыз Әзербайжанда Сизге терең ҳүрмет ҳәм тилеклеслик сезимлерин оятты.

Сизиң жақында Әзербайжанға мәмлекетлик сапарыңыз даўамында болып өткен нәтийжели ушырасыўымызды, өз-ара исеним, түсинисиў ҳәм қызғынлық руўхында өткен пикирлесиў ҳәм сөйлесиўлеримизди жыллы сезим менен еслеймен. Әзербайжан ҳәм Өзбекстан Жоқары мәмлекетлераралық кеңесиниң екинши мәжилисиниң жуўмақлары, сапар етиў шеңберинде бир қатар тараўларға байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылғаны ҳәм әҳмийетли келисимлерге ерисилгени мақтаўға ылайық.

Әзиз туўысқаным,

Мен арамыздағы жыллы жүзлилик, дослық ҳәм туўысқанлық сезимлерин бәрқулла жоқары қәдирлеймен және турақлы сөйлесиўлеримиз ҳәм биргеликтеги жумысларымыздан үлкен қанаатланыўшылық билдирмекшимен.

Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы әўладтан-әўладқа өтип киятырған дослық, туўысқанлық ҳәм аўқамласлық қатнасықлары биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли буннан былай да жоқарылап, жаңа мазмун менен байып бара беретуғынына исенемен.

Усы қутлы әййямда Сизди және бир мәрте қызғын қутлықлап, Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық, узақ өмир, бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстанның раўажланыўы жолындағы жоқары мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.

Илҳам Алиев,

Әзербайжан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз бенен қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиң.

Өзбекстан Республикасының мәмлекетшиликти беккемлеў, экономиканы модернизациялаў ҳәм халықаралық майдандағы абырайын арттырыў бағдарындағы табыслары Сиз алып барып атырған сиясаттың дурыслығы, сондай-ақ, Өзбекстан халқына садықлық пенен хызмет етип атырғаныңыздың сөзсиз тастыйығы болып есапланады.

Беларус – Өзбекстан дослығы дәстүрлери Минск айрықша итибар қаратып атырған еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғынына беккем исеним билдиремен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм Өзбекстанның абаданлығы жолында жаңа ҳәм жарқын жетискенликлерге ерисиў ушын таўсылмас күш-ғайрат тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Александр Лукашенко,

Беларусь Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза, әзиз туўысқаным!

Сизди туўылған күниңиз мүнәсибети менен шын кеўлимнен қутлықлап, Жаратқаннан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм тынышлық тилеймен.

Бирдей тарийхымыз, тилимиз ҳәм мәдений қәдириятларымыздан күш алып атырған қатнасықларымыз биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли күннен-күнге раўажланып бармақта. Бүгинги күндеги глобал сынақларға қарсы Түркий дүньяның абаданлығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме платформаларда, атап айтқанда, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиўимизди буннан былай да беккемлеўге болған ерк-ықрарымызға садықпыз. Әне, усы исеним Сиз, әзиз достым тәрепинен де мақулланып атырғаны маған шексиз қанаатланыўшылық бағышлайды.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаны туўылған күниңиз бенен және бир мәрте қутлықлап, дос ҳәм туўысқан өзбек халқының раўажланыўы ҳәм тынышлығы жолындағы ҳәрекетлериңиз табыслы даўам етиўин тилеп қаламан.

 

Режеп Таййип Эрдоған,

Туркия Республикасы Президенти

 

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы ҳәм садық достым!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Египет халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан ең қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға шексиз бахыт, абаданлық ҳәм дос Өзбекстан халқының раўажланыўы, тынышлығы ҳәм турақлылығы жолындағы ҳәрекетлериңиз ҳәм умтылысларыңызға табыслар тилеп қаламан.

Терең ҳүрмет ҳәм иззет пенен,

Абдулфаттоҳ ас-Сиси,

Египет Араб Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели мырза!

Сизди 68 жасыңыз бенен шын кеўлимнен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Корея Республикасы Өзбекстан Республикасының айрықша стратегиялық шериги болып есапланады. Бирге ислесиўдиң узақ тарийхы даўамында мәмлекетлеримиз өз-ара раўажланыў ҳәм абаданлық жолында биргеликтеги ҳәрекетлерди әмелге асырып келмекте. Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары мине, усындай өзине тән байланысларға сүйенген ҳалда, ҳәр қыйлы тараўларда және де беккемленип барады, деп үмит етемен. Усы мақсетке ерисиў жолында Сиз бенен буннан былай да тығыз бирге ислесиўге үмит етемен.

Сондай-ақ, Сизиң басшылығыңызда әмелге асырылып атырған үзликсиз реформалар ҳәм ашық-айдынлық бағдарындағы жетискенлик ҳәм ҳәрекетлерди жоқары баҳалайман. Көп тәреплемели бирге ислесиў себепли Корея Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы өз-ара пайдалы ҳәм келешекке бағдарланған тийкарда раўажланыўына үмит билдиремен.

Сизиң туўылған күниңизде болып өтетуғын биринши телефон сөйлесиўимизди ҳәм ҳәр еки тәреп ушын қолайлы ўақытта Сиз бенен ушырасыўды интизарлық пенен күтемен.

Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, Өзбекстан Республикасына болса шексиз раўажланыў тилеймен.

Ли Чжэ Мён,

Корея Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели Мырза Президент!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын ҳәм жыллы қутлықлаўларымды қабыл етиң.

Быйыл июнь айында мәңги көк аспан ели – әййемги ҳәм гөззал Монголияда дослық ҳәм шын жүректен ушырасып, туўысқанлық байланысларын және де беккемлегенимизди қанаатланыўшылық пенен еслеймен.

Еки халықты әзелден көшпели дәстүрлер ҳәм тарийхый қәдириятлар байланыстырып турады.

Ҳүрметли Президент, Сиз бенен биргеликте бул жақсы дәстүрди беккемлеп, Монголия ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықларды және де жоқары, кең көлемли шериклик дәрежесине алып шыққанымыз ҳәм усы тәризде еки тәреплеме қатнасықлар тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын жаңа дәўирди баслап бергенимизден шын кеўилден қуўанышлыман.

Сизге, ҳүрметли Президент, ҳәм Сизиң әжайып шаңарағыңызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм ең жақсы тилеклер, дос Өзбекстан халқына болса раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Ухнаагийн Хурэлсух,

Монголия Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Президент мырза!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен ең қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиң.

Пурсаттан пайдаланып, кеше туўылған күним мүнәсибети менен маған жоллаған жақсы тилеклериңиз ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Ташкент ҳәм Рим арасындағы қатнасықлардың әҳмийетли екенлиги ҳәм избе-из раўажланып атырғанын тастыйықлайтуғын ушырасыўларымызды айрықша жыллылық пенен еслеймен. Бизди барған сайын жедел раўажланып атырған стратегиялық шериклик бирлестирип турады ҳәм ол буннан былай да табыслы беккемленип ҳәм раўажланып бара беретуғынына исенемен.

Усы пайызлы күнде, ҳүрметли Президент мырза, Сизге ҳәм шаңарағыңызға бахыт-ығбал тилеймен.

Сержо Маттарелла,

Италия Республикаси Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент Мырза!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге өзимниң ең қызғын қутлықлаўларымды жоллаўға ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда жаңадан-жаңа үлкен табыслар, шаңарақлық бахыт-ығбал, беккем денсаўлық ҳәм абаданлық тилеўге руқсат еткейсиз.

Сизиң Словенияға быйылғы рәсмий сапарыңызды үлкен қанаатланыўшылық пенен еслеймен. Әйне усы сапар етиў себепли Словения Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында түрли дәрежелерде ҳәм тараўларда жедел ҳәм қызғын сөйлесиў жолға қойылды, бул болса еллеримиз арасындағы табыслы бирге ислесиўдиң келешекте және де кеңейиўине болған исенимди беккемледи.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Жоқары ҳүрмет пенен,

Наташа Пирц Мусар,

Словения Республикаси Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели мырза!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз. Сизге беккем денсаўлық ҳәм күш-қуўат, Өзбекстан Республикасын табыс ҳәм абаданлық жолынан жүргизиўде даўам етиўиңизди тилеймен.

Пурсаттан пайдаланып, Сербия – Өзбекстан қатнасықларын өз-ара ҳүрмет, суверенитет ҳәм аймақлық пүтинликти қоллап-қуўатлаў руўхында раўажландырыўға қаратып атырған итибарыңыз ушын Сизге миннетдаршылық билдиремен. Қыйын геосиясий шараятта бизиң дослығымыз ҳәм бирге ислесиўимиз және де айрықша әҳмийетке ийе болып, биргеликте раўажланыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте. Москвадағы қызғын сәўбетимизди қанаатланыўшылық пенен еслеймен ҳәм мәдений уллылық ҳәм халықаралық қарым-қатнас белгиси болған Самарқанд қаласында ЮНЕСКО сессиясы даўамында сөйлесиўди даўам еттириў имканиятына ийе боламыз, деп үмит етемен. Егер жумыс режеңиз имкан берсе, алдыннан Ташкентке келиўден оғада қуўанышлы боламан.

Бирге ислесиўимиз буннан былай да өз-ара пайдалы тийкарда беккемленип баратуғынына исенип, Сизге өзимниң терең ҳүрметимди билдириўге рухсат еткейсиз.

Александр Вучич,

Сербия Республикаси Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели мырза!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға өзимниң ең жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм халқына және де абаданлық ҳәм раўажланыў тилеп қаламан.

Шын жүректен сәлем ҳәм жоқары ҳүрмет пенен,

 

Шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаян

Бирлескен Араб Әмирликлери вице-президенти,

Бас министрдиң орынбасары, Президент аппараты баслығы

***

Төмендегилер де өз қутлықлаўларын жоллаған:

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев,

Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко,

Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин,

Россия Федерациясы Қәўипсизлик кеңеси баслығының орынбасары Дмитрий Медведев,

Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян,

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Нурлан Ермекбаев,

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Бас хаткери Сергей Лебедев,

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Асад Хан,

Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегиясы Баслығы Бакитжан Сагинтаев,

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо,

Жаңа раўажланыў банки президенти Дилма Русеф,

Евроазия раўажланыў банки басқармасы баслығы Николай Подгузов,

Қытай экспорт-импорт банки басқармасы баслығы Чен Хуаюй,

Жипек жолы фонды баслығы Чжу Цзюн,

Москва ҳәм Пүткил Рус патриархи Кирилл,

Кавказ мусылманлары басқармасы баслығы Оллоҳшукур Пошшозода,

Халықаралық дзюдо федерациясы президенти Мариус Визер,

Европарламенттиң Франциядан сайланған депутаты Тьерри Мариани,

АҚШ Конгресси ағзалары Трент Келли ҳәм Кэрол Миллер,

Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов,

Санкт-Петербург қаласы губернаторы Александр Беглов,

Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.