Радарлар надурыс ислеўиниң себеби неде? (+видео)

Миллий баспасөз орайында Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги жанындағы Өзбекстан миллий метрология институты тәрепинен баспасөз әнжуманы өткерилди. Онда системаның жумысы ҳәм келешектеги режелерге байланыслы мағлыўматлар берилди. Әнжуман сораў-жуўаплар руўхында өткени ушын журналистлер тәрепинен системаның раўажланыўына байланыслы, кәрхана ҳәм шөлкемлер, исбилерменлик жумысында ҳәм халық пайдаланып киятырған өлшеў қуралларында ушырасып атырған машқалалар ҳаққында сораўлар берилди. Соның ишинде, соңғы ўақытлары социаллық тармақларда көп көтерилип атырған тема өлшеў қуралларындағы насазлық, жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўда өнимлеримиздиң халықаралық стандартларға жуўап бериўи ушын исленип атырған жумыслар, кадрларды таярлаў сыяқлы мәселелер жыйналғанлардың дыққат орайында болды.
– Көп наразылықларға себеп болып атырған Сурум яки Ташкент ўәлаятындағы радарларды орнына шығып үйрениў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен биргеликте таллаў өткердик. Бул жерде бир қанша себеп анықланды, – дейди Өзбекстан миллий метрология институтының директоры Лазизбек Саидорипов. – Тек ғана радардың өзинде кемшилик емес, оны орнатыўда кемшилик болыўы мүмкин. Буннан тысқары, бизиң климат системамызға сәйкес ислейтуғын радарларды орнатыў талабы қойылып атыр. Яғный, билемиз, радарлар ыссыда да, суўықта да ислеўи керек. Оның өзиниң талабы бар. Қанша дәрежеге шекем шыдаўы керек ҳәм қай дәрежеде дурыс ислеўи керек?
Қәтелер ушыраспаўы ушын оны метрологиялық тексериўден өткерип турыў керек ҳәм турақлы электр тәмийнаты болыўы керек. Буннан тысқары, айдаўшылар тәрепинен де автомобильлерге қойылған талапларға әмел етилиўи керек. Бул биринши гезекте тезликти қәте көрсететуғын фактор – баллонларды өзгертиў менен байланыслы.
Илажда журналистлерге метрология тараўын жетилистириў, оның ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм халықаралық майданда бәсекиге шыдамлы дәрежеге алып шығыў бойынша алып барылып атырған реформалар ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
ӨзА