АҚШта Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли реформалар жоқары баҳаланды

140

АҚШ Конгресси имаратында Өзбекстан күнине бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Бул әнжуман АҚШ Конгресиндеги Өзбекстан бойынша Кокус ағзалары менен биргеликте шөлкемлестирилди. Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы делегация қатнасты.

Өзбекстан күни форумында Өзбекстан делегациясы тәрепинен мәмлекетте әмелге асырылып атырған сиясий, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардағы реформалар, сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизлик мәселелериндеги көзқараслар бойынша толық мағлыўмат берилди. Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолындағы ҳәрекетлери, инвесторлар ушын жаратылып атырған шараят ҳәм ашық базар экономикасы принциплерине садықлығы айрықша атап өтилди.

Әнжуманда АҚШ Конгресси ағзалары – конгрессмен Трент Келли, сенатор Стив Дейнс, конгрессвумен Керол Миллер және Америка-Өзбекстан саўда палатасы, жетекши халықаралық компаниялар ҳәм фондлардың басшылары баянат пенен қатнасты. Олар Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалап, мәмлекетимизди региондағы унамлы өзгерислердиң локомотиви сыпатында тән алды.

Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының делегациясы АҚШ Саўда ўәкилханасында да ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси, реформалардың нәтийжелилиги ҳәм еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери додаланды. Америка тәрепи Өзбекстанда бул бағдарда стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

Илажда АҚШтың ири компаниялары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлар, атап айтқанда, Алмалықтағы мыс кәниниң жойбарына 4,5 миллиард долларлық инвестиция киргизиўди режелестирип атырғаны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Социаллық тараўлардағы бирге ислесиў, инсан капиталына инвестиция киргизиў, билимлендириў бағдарламалары, атап айтқанда, “Жас бизнес лидерлери” басламасы шеңбериндеги бирге ислесиў жойбарлары додаланды.

Форум шеңберинде болып өткен сөйлесиўлер, интервьюлер ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўи Өзбекстан күнине бағышланған илаж жоқары дәрежеде өткенин көрсетти.

Илаж Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликке жаңа түртки берип, еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириўге хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА