Балаларға байланыслы зорлықтың алдын алыў бойынша нызамшылыққа өзгерислер киргизиў басламасы менен шықпақтамыз – Шаҳноза Мирзиёева

105

Социаллық қорғаў миллий агентлиги (СҚМА) директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёеваның айтып өткениндей, балаларға болған зорлық бойынша Жынаят ҳәм Жынаят-процессуал кодекслерине өзгерислер киргизиў басламасы менен шықпақта. Мақсет – жеңиллестириўши жағдайларсыз, мүмкин болған ең аўыр жаза илажларының қолланылыўына ерисиў.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёева балаларға болған зорлық ушын жазаның турақлы болыўы, жеңиллестириўши жағдайларсыз, мүмкин болған ең аўыр жаза түрлерин қолланылыўына ерисиў ушын баслама менен шығылатуғыны ҳаққында Instagram бетинде мәлим етти.

“Мен көбинесе усы сораў үстинде ойланаман: үлкен жастағы адам қайсы ўақытта баладағы инсаныйлық келбетин көрмей қалады? Қашан ашыў ҳәм тынышсызланыў зорлық ушын сылтаўға айланады? Бала қорғаўға “үлкейгенде жетиўи” мүмкин емес. Қорғаў оның ҳуқықы сыпатында оның биринши дем алыўынан баслап болыўы шәрт. Шараятлардан еркин, толық ҳәм кепилликли түрде,” – деди ол өз постында.

Оның айтыўынша, соңғы айларда Социаллық қорғаў миллий агентлиги балаларға болған зорлықтың алдын алыў бойынша избе-из жумыслар алып бармақта. “Бүгинги күнде бул тема жаңа, және де жоқары басқышқа көтерилмекте,” – деди ол.

“Биз Жынаят ҳәм Жынаят-процессуал кодекслерине өзгерислер киргизиў басламасы менен шықпақтамыз. Мақсет – балаларға зорлық еткен шахслар жазадан шетте қалмаўы, жуўапкершилик әдалатлы ҳәм турақлы болыўы, жеңиллестириўши жағдайларсыз, мүмкин болған ең аўыр жаза түрлериниң қолланылыўына ерисиў болып есапланады,” – деди Мирзиёева.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (МШБ) ўәкиллеринен ибарат уйымлараралық жумысшы топар қәлиплестирилмекте.

Бул топар төмендеги анық ҳәм әмелий өзгерислер үстинде жумыс баслап жиберген:

-балаларға зыян жеткерген шахслар ушын жаза илажларын және де күшейтиў;

– мийримсизликке жол қойғанлар ушын балалар менен ислесиў ҳуқықын өмирлик қадаған етиў;

-жуўапкершиликти оператив ҳәм нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде бирден-бир тәртиптеги оператив протоколларды енгизиў.

“Мен зорлықты күтилмеген жағдайдеп есапламайман. Бул – ҳәмийше үлкенлердиң саналы таңлаўы. Демек, буның альтернативасы сыпатында басқа бир таңлаў да болыўы шәрт: оны тоқтатыў таңлаўы. Ақлаў емес. Машқалаға көз жумыў емес таңлаўы,” – деп постын жуўмақлаған Мирзиёева,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги