Өзбекстанның Шри-Ланкадағы биринши елшиси тайынланды

Өзбекстан Республикасының Шри-Ланкадағы (резиденциясы Исламабадта жайласқан) биринши Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алишер Тўхтаев Коломбо қаласында усы мәмлекеттиң Мәмлекетлик протоколы басшысы Роҳана Амбаголлаға исеним жарлығының нусқаларын тапсырды.
Ушырасыўда Шри-Ланка рәсмий шахсы Өзбекстан тәрепиниң биринши елши тайынлаў қарарын қоллап-қуўатлап, бул еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларды беккемлеўде әҳмийетли қәдем екенин атап өтти. Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң глобал Қубла менен жақынласыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған басламалары жоқары баҳаланды.
Тәреплер өз-ара саўда, логистика, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалап, экономикалық дипломатияны раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты.
Сондай-ақ, транспорт ҳәм логистика тараўларында биргеликтеги шешимлер ислеп шығыў, мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда онлайн платформа ҳәм бағдарламаларды енгизиў бойынша да келисимге ерисилди.
Муслим Зиё, ӨзА