Қазақстанның биринши Президенти Өзбекстан жетекшисин қутлықлады
158

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм табыслар, Өзбекстанға тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў тиледи.
Сөйлесиўде Өзбекстан-Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени, көп тәреплемели бирге ислесиў барлық тийкарғы бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
ӨзА