Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери еки тәреплеме күн тәртибиндеги мәселелерди додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Қазақстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, Өзбекстанның көп миллетли халқының абаданлығы жолындағы жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.
Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў пәти артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта. Металлургия, тоқымашылық, аўыл хожалығы, логистика, қурылыс ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Халықаралық санаат кооперациясы орайын иске қосыўға таярлық көрилмекте.
Усы жылы бир қатар мәдений-гуманитарлық илажлар, соның ишинде, жаслар, туризм ҳәм билимлендириў форумлары өткериледи.
Мәмлекет басшылары болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режесин де көрип шықты.
ӨзА